Өзбекстан елшиханасы тәрепинен жаңа мәўсимде Британия аўыл хожалығы тараўына өзбекстанлы мийнет мигрантларын тартыў мақсетинде «Pro-Force Limited» ҳәм «HOPS Labour Solutions Ltd» рекрутинг агентликлериниң ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди.
Сөйлесиўлер нәтийжесинде усы жыл февраль айында «Pro-Force Limited» агентлигиниң Ташкентке сапарын шөлкемлестириў ҳәм 3 мыңға шамалас сайлап алынған талабанларды баслап басқышпа-басқыш Уллы Британияда жумыс пенен тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, «HOPS Labour Solutions Ltd» компаниясы Миграция агентлиги менен биргеликте 14-15-январь күнлери өзбекстанлы мийнет мигрантлары ушын онлайн тәризде тест сынақларын шөлкемлестириўге келисип алынды, деп хабар береди "Дунё" ХА.