Алмалық қаласы "Ҳилол" МПЖ аймағында таңлап алынған 227 гектар жер майданында Қытайдың “Zhejiang Holley Global Industry Development” компаниясы менен биргеликте "Уллы жипек жолы" индустриаллық технопарки арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етилген еди.
Ол жерде электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары, фармацевтика сыяқлы бағдарларда 100 ге шамалас кәрхана жайластырылады. 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылыўы, жылына орташа 120 миллион доллар экспорт, 80 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў нәзерде тутылған, деп хабар береди Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.
Жойбардың қурылыс жумыслары еки басқышта әмелге асырылады. Усы жылдың январь айынан аймақта 2 қабатлы көргизбе орайы, 3 қабатлы офис, логистика орайы, киши музлатқыш, трансформатор ислеп шығарыў имаратлары 13 гектар жер майданында қурылыс жумыслары басланған.
Күни кеше Ташкент ўәлаятының ҳәкими Зойир Мирзаев бул мәнзилде болып, аймақта алып барылыўы белгиленген жумысларды үйренди. Сондай-ақ, арнаўлы санаат зонасының бас режеси, инженерлик-коммуникация тармақлары менен толық тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.