Илажды өткериўден тийкарғы мақсет - туристлер ағымын көбейтиў,
жүзимгершилик ҳәм виношылық тараўында тәжирийбе алмасыў, экотуризм өнимлерин
халықаралық базарларға алып шығыў, сондай-ақ, республикамызға сырт ел
инвестицияларын тартыўдан ибарат.
Фестивальда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан фермер хожалықлары, энотуризм
тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер, сондай-ақ, ҳәр қыйлы түрдеги
тәбийғый ишимликлер ислеп шығарыўшы кәрханалар қатнасады.
Илаж шеңберинде аўыл хожалығы ярмаркалары, виношылық санааты халықаралық
брендлериниң көргизбелери, жүзимгершиликти раўажландырыўға бағышланған
халықаралық конференция ҳәм форумлар өткериледи.
Фестивальдың
мәдений бағдарламасында миллий фольклор жәмәәтлери ҳәм эстрада атқарыўшыларының
шығыўлары, халықлық үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди сәўлелендиретуғын кең көлемли
илажлар өткериледи.
Усы мүнәсибет
пенен "Жүзим сейили" халықаралық фестивалына туризм шөлкемлериниң
ўәкиллери, мийманлар, туристлер ҳәм жергиликли халық ўәкиллери мирәт етиледи.