баннер
20 Mar 2025
17:58

    Саиджамшид Жафаров белбеў ушын гүреседи

    Усы жылдың 31-январь күни Россия Федерациясы пайтахты Москва қаласында бокс бойынша гезектеги IBA Champions' Night турнири өткериледи.

    Әҳмийетлиси, "Лужники" комплексинде өткерилетуғын бул бокс кешесинде жерлесимиз Саиджамшид Жафаров та өзиниң гезектеги беллесиўин өткереди. Ол россиялы Дмитрий Захаровқа қарсы рингке көтериледи. 71 кг салмақ категориясында шөлкемлестирилетуғын 6 раундлық беллесиў IBA Pro European Champion белбеўи ушын болып өтеди.

    Турнирдиң co-main event саўашы аўыр салмақ категориясында өткерилип, онда Баҳодир Жалоловтың бурынғы қарсыласы белгиялы Жек Муловайи россиялы Артем Сусленков пенен ушырасады. Бул 10 раундлы саўаш жеңимпазы да IBA Pro European Champion белбеўин қолға киргизеди.

    Кештиң орайлық беллесиўи супер аўыр салмақта россиялы Муслим Гаджимагомедов пенен Қубла Африка Республикасы боксшысы Мчуну Табисо арасында болып өтеди. Он раундлық саўаш жеңимпазы IBF Europe белбеўине ийе болады.

    Мағлыўмат ушын, Саиджамшид соңғы беллесиўин өткен жылдың 30-ноябрь күни Россияның Екатеринбург қаласында шөлкемлестирилген RCC Boxing Promotions промоутерлик компаниясы турниринде россиялы Гор Оганесянға қарсы өткерип, очколар есабынан жеңиске ерискен еди. Бул ҳәўескер бокс бойынша жәҳән чемпионатының жеңимпазы болған Саиджамшидтиң профессионал бокстағы дебют саўашы болған еди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech