Атап өтилиўинше, усы жылдың 29-июнь жағдайына бола, 923 мың 625 гектарда мониторинг алып барылды, 552 мың 455 гектарда шегиртке тарқалғаны анықланды ҳәм 542 мың 897 гектарда химиялық гүресиў илажлары өткерилди.
Сондай-ақ, шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызмети 24/7 режиминде жумыс алып бармақта.
Мағлыўмат ушын, мүрәжатлар 1288 ямаса 712021000 телефон номерлери арқалы күни-түни қабыл етилмекте. Химиялық қайта ислеўлер алып барылыўы ҳәм препаратлар бийпул, - делинеди хабарда.









