Атап өтилиўинше, 2017-жылдан 2024-жылға шекемги дәўирде тараўдың нормативлик-ҳуқықый базасын беккемлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылды, соның ишинде, 8 нызам, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң 90 нан аслам ҳүжжетлери қабыл етилди.
Мәмлекетте электр энергиясын ислеп шығарыў 38 процентке артып, 2016-жылдағы 59 млрд кВт/сааттан 2024-жылы 81,5 млрд кВт/саатқа жетти. Соның менен бирге, халықтың жан басына туўра келетуғын электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 18% ке артып, 2200 кВт/саатқа жетти. Соңғы жети жылда 11 мың МВт жаңа өндирис қуўатлықлары иске қосылды, бул өткен 25 жылдағы энергия көлеминен 3 есеге көп.
2017-жылдан 2024-жылға шекем мәмлекеттиң жалпы ишки өними 55% ке артты, соның менен бирге, өндирис бирлигине энергия жумсалыўы 7,4% ке азайды. Экономика кемирек энергия қәрежетлери менен ислей баслады. Санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы ресурслардан және де ақылға уғрас пайдаланыўға өтти.
Сондай-ақ, 54,8 мың километрден аслам электр узатыў тармақлары ҳәм 17,2 мың трансформатор станциялары модернизацияланды. Нәтийжеде, мәмлекетимиз бойынша 8 мыңнан аслам мәҳәллениң электр тәмийнаты жақсыланды. Салыстырыў ушын, 1991-жылдан 2016-жылға шекем тек ғана 9,3 мың км электр узатыў тармақлары ҳәм 4,8 мың трансформатор жаңаланған.
Қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. 2024-жылдың ақырына шекем Өзбекстанның 10 ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 4,1 мың МВт болған 14 қуяш ҳәм 3 самал электр станциясы иске қосылды. 2024-жылы ислеп шығарылған "жасыл" электр энергиясы көлеми 4,9 миллиард кВт/саатты қурады.








