Халықтың дем алыў орынларында қурылысты қадаған етиўши нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди

    7 қаңтар 2025 310

    Мәжилисте халықтың мәдений-турмыслық талапларын қанаатландырыў ҳәм дем алыў ушын пайдаланылатуғын жерлерди қорғаўды күшейтиўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

    Атап өтилиўинше, нызам жойбарында мәмлекетлик мүлк болып есапланған ҳәм халықтың мәдений-турмыслық мүтәжликлерин қанаатландырыў ҳәм дем алыў ушын пайдаланылатуғын жерлерди ямаса олардың бир бөлегин меншиклестириў ямаса басқаша тәризде басқаларға бериў, усы жерлерде имаратлар ҳәм объектлерди қурыў (жеңил түрдеги объектлер буған кирмейди) ямаса бар имаратлар ҳәм объектлердиң қурылыс майданларын кеңейтиў, сондай-ақ, бул жерлердиң аймағын қысқартыў қадаған етилмекте.

    Мәжилисте нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў даўамында жуўапкер комитет тәрепинен бир қатар мәжилислер, семинарлар өткерилгени, оларда депутатлар берген барлық усыныслар терең талланып, тийкарлы деп табылғанлары жойбар текстинде сәўлелендирилгени ҳәм ҳүжжет ҳәр тәреплеме пуқта жағдайға келтирилген ҳалда, жетилистирилгени атап өтилди.

    Депутатлардың айтыўынша, бул нызам жойбарының қабыл етилиўин "жасыл", көклемзарлы зоналарды қорғаў, халықтың мәдений дем алыў орынларын қорғаўды күшейтиў, экология ҳәм қоршаған орталықты жақсылаўға хызмет етеди.

    Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен екинши оқыўда қабыл етилди.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates