Мәжилисте "Адолат" СДП фракциясы басламасы тийкарында
киргизилген - балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў системасын
жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылмақта.
Бул ҳүжжет пенен Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслери, Ҳәкимшилик
жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс және бир қатар нызам ҳүжжетлерине тийисли
өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылған.
Онда балаларға исленетуғын зорлық ҳәм жынысый зорлықлар ушын жаза
илажларын күшейтиў, жәбирленген балаларды ҳуқықый жақтан қорғаў, зорлық
жағдайларының алдын алыў және жуўапкер шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың
жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған нормалар сәўлеленбекте.
Бәринен бурын,
балаларға қарсы исленген оғада аўыр жынысый жынаятлар ушын жаза кескин
күшейтилмекте. Атап айтқанда, он төрт жасқа толмаған шахсқа намысқа тийиў ямаса
жынысый зәрүрликти зорлық пенен тәбийғый емес усылда қанаатландырыў жынаятлары
ушын узақ мүддетли еркинен айырыў ямаса өмирлик еркинен айырыў жазасын тайынлаў
нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарында
баланың жынысый еркинлигине қарсы жынаятларды ислеген шахслар жуўапкершиликке
тартыў мүддети өткенлиги себепли жуўапкершиликтен ҳәм жазаны орынлаў мүддети
өткенлиги себепли жазадан азат етилмейтуғыны белгиленбекте. Бул арқалы бала
өмирине қәўип туўдырған аўыр қылмыслар ушын жазаның сөзсиз екенлигин
тәмийинлеўге қаратылған ҳуқықый кепилликлер күшейтиледи.
Балаларды қорғаў
тек ғана жынаят исленгеннен кейин жаза тайынлаў менен шекленбейди. Зорлықтың
алдын алыў, жәбирленген баланың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оның мәплерин тергеў
ҳәм суд процесслеринде қорғаў да бирдей әҳмийетке ийе.
Усы мақсетте
зорлықтан жәбирленген жас өспиримлерди сораўдан өткериў процесин видеожазыў
арқалы дизимге алыў, жынысый еркинликке қарсы жынаятлар бойынша жәбирленген
бала менен гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшының жүзлестирилиўин
арнаўлы тәртип тийкарында өткериў усыныс етилмекте. Балаға жақын шахслар
тәрепинен зорлық исленген жағдайларда болса жынаят исин судқа шекем жүргизиў
ҳәм суд додалаў процесслеринде қәўендерлик уйымы ўәкилиниң қатнасыўын
тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары,
зорлықтан жәбирленген ямаса оған гүўа болған балаларға мәмлекет есабынан
юридикалық жәрдем көрсетиў механизми де енгизилмекте. Бул балалардың ҳуқықлары
менен нызамлы мәплерин қорғаўда олардың материаллық имканиятларына қарамастан,
қәнигели юридикалық жәрдем алыў имканиятын кеңейтеди.
Нызам жойбары
балаларға болған зорлықтың алдын алыўда жуўапкершиликсизликке шек қойыўға да
қаратылған. Соның ишинде, балаға ғамхорлық көрсетпегени, Балалар мәселелери
бойынша комиссиялардың қарарларын орынламағаны ямаса олардың орынланыўына
тосқынлық еткени ушын жуўапкершиликти белгилеў усыныс етилмекте.
Жас өспиримге
қастан аўыр ҳәм орташа аўыр дене жарақатын жеткериў, бир топар шахслар
тәрепинен он алты жасқа толмаған шахсқа қарата әдепсиз-бузық ҳәрекетлер ислеўди
аўырластырыўшы жағдай сыпатында баҳалаў, сондай-ақ, жас өспирим шахсты
социаллық емес ис-ҳәрекетлерге тартқаны ушын жаза илажларын күшейтиў нәзерде
тутылмақта.
Ҳүжжетте
балалардың қәўипсизлиги ушын ата-ана ҳәм билимлендириў мәкемелери
хызметкерлериниң жуўапкершилиги де айрықша белгиленбекте. Балаларды тәрбиялаў
миннетлемесин орынламаў, жынысый зорлық етиў ҳәм неке жасы ҳаққындағы
нызамшылықты бузыў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жаза илажларын
күшейтиў, тәлим-тәрбия процесинде педагог тәрепинен балаға зорлық исленген
жағдайда болса мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаў
ушын ҳуқықый тийкар жаратыў усыныс етилмекте.
Соның менен
бирге, балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў
ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгилеў де нәзерде
тутылған.
Нызам жойбарының
мазмун-мәниси сонда, балаларға болған зорлықтың ҳеш бир көриниси итибардан
шетте қалмаўы, ҳәр бир анықланған жағдай нызам шеңберинде баҳаланыўы,
айыпкерлер болса қылмысына жараса қатаң жуўап бериўи керек. Бул бағдарда тек
ғана зорлық ислеген шахслар емес, ал балаларды қорғаў бойынша өз ўазыйпаларын
орынламаған жуўапкерлердиң де жуўапкершилигин белгилеў әҳмийетли.
Мәжилисте атап
өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи балалардың өмирин, денсаўлығын,
абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, зорлықтың алдын алыў, жәбирленген
балалардың ҳуқықларын тиклеў және жәмийетте бундай қылмысларға маўасасыз
қатнасты беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаўлардан соң
нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилди.