Дем алыс күни қандай ҳаўа-райы күтиледи?

    14 ақпан 2025 1433

    Өзгидромет республика бойынша 2025-жыл 14-16-февраль күнлери ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады.

    Шемби күни республика бойынша жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында күнниң екинши ярымында айырым жерлерде жаўын жаўады.

    Өзбекстанның көпшилик аймақларында (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының арқа-батыс аймақларынан тысқары) екшемби күни жаўын ҳәм қар көринисиндеги жаўын-шашын болады.

    Бүгин ҳәм ертең күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы +7...+10 дәрежеге шекем жылыйды. Екшемби күни күндизги температура +3...+6 дәрежеге шекем төменлейди. Температура тийкарынан түнде 0...+5 дәреже жыллы болады.

    Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 16-февраль - екшемби күни айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.

    Республика бойынша айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

    Ташкентте: бүгин бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ертең 15-февраль күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди. 16-февральда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

    Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

    Бүгин ҳәм ертең күндиз температура 7-10 дәреже жыллы болады.

    16-февраль - екшемби күни +3...+6 дәрежеге шекем төменлейди. Температура тийкарынан түнде 0...+3 дәреже жыллы болады.

    Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates