Дем алыс күнлери температура көтериледи

    20 маусым 2025 857

    Бүгин күндиз Өзбекстан аймағы бойынша 34-37 дәреже болған салыстырмалы қолайлы температура фонында тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.

    "Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, бүгин тек ғана Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланыўы мүмкин.

    Дем алыс күнлери температура және 38-40 градусқа шекем, қублада 42 градусқа шекем көтерилиўи күтилмекте. Тек ғана республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.

    Өзбекстан бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы күтилмекте. Арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде самалдың күшейиўи 20-22 м/с қа жетиўи мүмкин.

    20-22-июньда Ташкент, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ойпатлығының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Ташкентте: жаўын-шашын күтилмейди. Температура бүгин күндиз 35 дәреже әтирапында болады, шемби ҳәм екшемби күнлери 37-40 дәрежеге шекем көтериледи.

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates