Ҳаўаның температурасы 35-37 дәреже әтирапында, қублада ҳәм шөл аймақларында 40 дәрежеге шекем болады, деп хабар бермекте "Өзгидромет".
Дем алыс күнлери республика бойынша салыстырмалы ығал ҳәм бираз ыссы болған күшсиз ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте.
Елимиз аймағының үлкен бөлегинде қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады. Ҳаўа температурасы 2-3 дәрежеге төменлейди.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 12-15 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ҳаўаның температурасы бүгин күндиз 35-37 дәреже, екшемби күни 32-35 дәреже болады. Температура тийкарынан түнде 20-22 дәреже болады.