"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 13-июньнан баслап республика аймағына қубладан қурғақ ҳәм бираз ыссы ҳаўа кирип келиўи басланады, тийкарынан аз бултлы ҳаўа-райы бақланады ҳәм ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтериледи. Бүгин күндиз температура 33-35 дәреже, дем алыс күнлери 36-38 дәрежеге шекем, арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында болса 40-42 дәрежеге шекем көтериледи.

Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Айырым таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады. Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин.

Ташкентте: тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Температура бүгин күндиз 35 дәреже әтирапында, дем алыс күнлери 36-38 дәреже болады.