Дем алыс күнлери ҳаўа температурасы пәсейеди - Өзгидромет

    29 қараша 2024 1524

    Бүгиннен баслап Өзбекстан аймағына Каспий теңизи аймақларынан ығаллы ҳәм суўық ҳаўа массаларының кирип келиўи басланды.

    Бүгин ҳәм дем алыс күнлери республика бойынша ўақты-ўақты жаўын жаўады, айырым жерлерде күшли болады. 30-ноябрьден 1-декабрьге шекем айырым жерлерде жаўын қарға айланыўы мүмкин.

    Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы аймақларында 29-ноябрьден 1-декабрьге шекем сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Республика аймағы бойынша жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул аймақларды суў басып кетиўине алып келиўи мүмкин.

    Ҳаўа температурасы әсте-ақырын төменлейди. Кешеги 20-23° ыссыдан кейин, бүгин күндизги температура 10-15° ыссыға шекем, екшемби күни болса 3-8° ыссыға шекем түседи.

    Республиканың айырым орынларында самалдың тезлиги 13-18 м/с ға шекем күшейиўи мүмкин.

    Пайтахтымызда: 29-ноябрьден 1-декабрьге шекем ўақты-ўақты жаўын жаўады. 1-декабрьде жаўын қарға айланыўы мүмкин. Бүгин күндиз температура 13-15° жыллы, ертең 30-ноябрьде 7-9° жыллы, екшемби күни 1-декабрьде 5-7° жыллы болады.

    Ҳаўаның температурасы, тийкарынан, түнлерде 5-7 градус жыллы болады. Шығыстан ескен самал бағытын өзгертирип, батыстан орташа тезликте еседи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates