баннер
16 Apr 2025
19:16

    Дем алыс күнлери орынларда жаўын жаўыўы күтилмекте - "Өзгидромет"

    Бүгин кешке таман ҳәм 5-апрельде айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    Фото: Ҳаким Тоҳир

    Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында бүгин күндиз айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин, 5-апрель күни жаўын-шашын күтилмейди, деп хабар берди "Өзгидромет" агентлиги.

    6-апрельде республика бойынша айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    4-6-апрель күнлери температура фоны әдеўир жоқары болыўы сақланып турады. Күндизги ўақытлары ҳаўа +23...+28 дәрежеге шекем, айырым жерлерде 30 дәрежеге шекем ысыйды.

    Самалдың тезлиги 7-12 метр/секунд, республика бойынша айырым жерлерде 15-20 метр/секундқа шекем күшейиўи мүмкин.

    Ташкент қаласында бүгин күндиз жаўын-шашын күтилмейди, 4-апрельде кешке таман, 5-апрельде түнде ҳәм азанда ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. 5-апрельде күндиз бираз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    6-апрельдиң екинши ярымында жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин.

    Самал 5-10 метр/секунд тезликте еседи, 4-апрельде кешке қарай 12-15 метр/секундқа шекем күшейеди.

    Ҳаўаның температурасы 4-апрель күни күндиз +28...+30 дәреже, 5-6-апрель күнлери +23...+26 дәреже, түнлерде +12...+15 дәреже болады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech