Агентликтиң мәлим етиўинше, бүгин Өзбекстан аймағы бойынша салыстырмалы суўық ҳаўа-райы сақланып турады.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында айырым жерлерде қар жаўады, Бухара, Наўайы ўәлаятларында бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.

1-март - шемби күни республика аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашын күтилмейди, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.
2-март - екшемби күни республиканың көпшилик ўәлаятларында (Ферғана ойпатлығынан тысқары) жаўын-шашын болады. Орайлық ўәлаятларда ҳәм республика қубласында күнниң екинши ярымында жаўын-шашын болыўы күтилмекте.
Аймақтың үлкен бөлиминде шемби ҳәм екшемби күнлери ҳаўа температурасы 2-3 дәрежеге көтериледи, бирақ еле де нормативлик мәнислерден төмен болады.

Республиканың арқа-батыс ҳәм шөл аймақларында және суўық ҳаўаның кирип келиўи есабынан ҳаўа температурасы әсте-ақырын төменлейди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында екшемби күни түнде 7-12 градус суўық, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллы, Бухара, Наўайы ўәлаятларында түнде 2 градус суўық-3 градус жыллы, күндиз 0-5 градус жыллы. Республиканың айырым орынларына думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, 28-февраль ҳәм 2-март күнлери айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди.

Ташкентте: 28-февраль ҳәм 2-мартта тийкарынан қурғақ ҳаўа-райы бақланады, тек 2-март күни кеште жаўын-шашын болыўы мүмкин, самал тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейеди. 28-февральда 6-8 градус жыллы, 1-2-мартта 8-10 градус жыллы болады. Температура тийкарынан түнлерде 1 градус суўық-2 градус жыллы болады.