Агентликтиң мағлыўматына қарағанда, бүгин Өзбекстанның барлық аймақлары бойынша қурғақ ҳәм жүдә жыллы ҳаўа-райы сақланып турады. Күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 13-18 градусқа шекем жылыйды. Тек ғана республика арқасында ҳаўа температурасы 2-7 дәрежеден жоқары болмайды.
Ертең Өзбекстан аймағына ығал ҳаўа кирип келиўи басланады, айырым жерлерде жаўын жаўады, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди.
Хорезм ўәлаятында ҳәм шөл аймақларында жаўын қарға айланыўы мүмкин. Аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы жоқары болыўы сақланып турады, тек ғана республика арқасында температура 3 градус суўық-2 градус жыллыға шекем төменлейди.
Екшемби күни республиканың көпшилик ўәлаятларында түнде ҳәм азанда айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди. Күндиз ҳаўаның температурасы 5-10 градус жыллыға шекем төменлейди, арқада 3 градус суўық-2 градус жыллы әтирапында болды. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте: бүгин жаўын-шашын күтилмейди, шемби күни бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Екшемби күни түнде ҳәм азанда жаўын-шашын (жаўын, қарға айланыўы мүмкин), күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Температура түнде тийкарынан 2-6 градус жыллы, күндиз 7-8-февральда 13-16 градус жыллы, 9-февральда 8-10 градус жыллы болады.