Бул ҳикмет тап ҳәзирги күнлеримизге арнап жазылғандай. Дана адамлар қаласы сағынышы менен жазылған бул жазыўдың бүгинги күнимизге байланыслы тәрепи ҳаққында бираздан кейин толық тоқтап өтемиз. Ҳәзир бул сөзлерди еске алыўымызға себеп болған ҳәм мәмлекетимиз келешеги жолындағы әҳмийетли ўақыя - мәмлекетимиз басшысының жаслар менен сөйлесиўине тоқтап өтсек.

Усы жылдың 14-февраль күни видеоселектор түринде болып өткен ушырасыў шын мәнисинде тарийхый ўақыя болды. Онда жаслар ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў илажлары додаланды. Бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Келиң, ушырасыўда ортаға тасланған айырым мәселелерге тоқтап өтейик.

Ҳәзир дүньяның техникалық раўажланыўын, жер жүзиндеги сиясий жағдайды көрип-билип турмыз. Оны артықша тәриплеў отырыў шәрт емес. Ҳеш қашан раўажланыў да, сиясий процесслер де ҳәзиргидей глобаллық дәрежеде қурамалы болмағанын атап өтиў керек. Тән алыў керек, көпшилигимиз бүгинги техникалық раўажланыўға ҳәўес болсақ та, келешекти көз алдымызға келтире алмағанбыз. Тәбийий байлықлар барған сайын азайып, ана жер халқы көбейип бармақта.

Оның үстине, көплеген кәсиплерди техника, атап айтқанда, жасалма ақыл ийелей баслады. Бул келешекте ресурслар ушын қатаң гүрес болатуғынын, жоқары интеллект ийелери ғана абадан жасайтуғынын аңлатады. Және де әпиўайыластырып айтатуғын болсақ, бүгин мектеп билимлендириўиниң өзи менен мәҳәллениң дүканшысы, ҳәттеки, 10-15 бас мал бағып шаңарағын бағып атырғанлар көп. Олар ел қатары болып жасап атыр. Бирақ, биз айтып атырған келешекте бундай болмайды. Мәселен, ҳәзир де мал бағып үлкен пайда алыў ушын тараўға байланыслы китап оқыў, тәжирийбелерди үйрениў зәрүр. Бул - илим дегени!

Келешекте мине усы илимий пикирлеўге талап еселеп артып кетеди. Бул ҳаққында да бираздан кейин толық тоқтап өтемиз. Усы мәниде, жаслар менен ушырасыўда билимлендириўге тийкарғы ўазыйпа сыпатында қарағаны бийкарға емес.

Өзбекстанда билимлендириўге оғада үлкен итибар қаратылып атырғаны қуўанышлы. Әпиўайы мысал, жеке меншик бақшаларға кең жол ашылыўы, жеңиллик берилиўи арқалы қамтып алыў кескин арттырылды. Ямаса жоқары билимлендириўде коррупция толық сапластырылыўы себепли әдиллик тикленди. Талапқа жараса усыныс орталығы жаратылды.

Мәселен, алдын жоқары билимлендириўде бир орын ушын кеминде 10 адам гүресетуғын еди. Буның ақыбетинде ҳәр қыйлы қыңырлықлар ҳәўиж алған, оқып билим алыўдан гөре, университетке кирди деген сөз - жалған абырай әҳмийетли болып қалған еди. Заманның өзи көрсетип атырғанындай, жоқары билимлендириўге қабыл етилиў емес, билим алыў әҳмийетли болмақта. Буны аңлаўымыз ушын қысқа ўақытта жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге арттырылды. Тараўға жеке меншик сектор кирип келди. Нәтийжеде жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў 42 процентке жетти.

Және бир әҳмийетли тәрепи илимий дәреже алыўдағы реформалар болып есапланады. Жасалма тосқынлыққа ушырап, жыллар даўамында шаң басып жатырған илимий излениўлер өзгерислер себепли жумыс столына қайтты. Билимлендириўдиң жоқары басқышларын даўам еттиретуғын жаслардың қатары кескин көбейди. Нәтийже қуўанышлы, өткен дәўирде илимий дәрежели жас илимпазларымыздың саны 2 есеге артып, 4 357 ге жетти. Усы санның өзи-ақ жаңа Өзбекстанда инсан капиталына киргизилип атырған инвестиция, қаратылып атырған итибар үлкен нәтийже бере баслағанын көрсетеди. Келиң, жақсысы анық фактлерге өтейик.

Алтыарықлы 18 жаслы Азизбек Зайлобиддинов Гарвард университетинен 100 процентли грант алды. Бул оның АҚШтағы 4 жыллық оқыў қәрежетлери қаплап бериледи дегени. Әпиўайы өзбек улының дүньяның алдынғы жоқары оқыў орнында бундай нәтийжеге ерисиўи тийкарында соңғы жыллардағы реформалар жатыр десек қәте болмайды. Әҳмийетли тәрепи сонда, Азизбек социаллық жойбарлар, әсиресе, “Ibrat debate” жойбарында ислеген. Билим ҳәм көнликпелерин беккемлеген. Мине, усы изленислери бүгин нәтийже берген. Аўа, егер бундай жойбарлар болмағанда Азизбек илимий потенциалы, имканиятынан өз ўақтында нәтийжели пайдаланыўы сораў астында қалған болар еди.

Қуўанышлысы, ол сыяқлы жаслар көплеп табылады. Буған мәмлекетимиз басшысының жаслар менен сөйлесиўи ўақтында гүўа болдық. Ҳәзир дүньядағы абырайлы университетлерде 1,5 мыңнан аслам студентлеримиз билим алмақта. Алдынғы 25 жыл ишинде мәмлекет есабынан 800 жигит-қыз сырт елге оқыўға кеткен болса, тек ғана "Эл-юрт умиди" қоры арқалы кейинги 7 жылда 2 300 ўатанласымыз усындай имканиятқа ийе болған.

Усы жерде киши пикир. Егер мине усындай имканият, шараят жаратылмағанында қанында уллы ата-бабалардан мийрас жоқары илимий ой-пикир жасырынған сонша жас өз жолын таба алар ма еди? Олар өз имканиятларынан толық пайдаланып, бүгинги дәрежеге ерисер ме еди? Усы сораўлардың жуўабы билимлендириўге итибардың қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди.

Альберт Эйнштейн "Ақыл-ой оқыў-үйрениў емес, оған ерисиў жолындағы ҳәрекетлердиң жемиси", деген еди. Бүгин болса жаслар ушын илимге ерисиў жолында биймәлел ҳәрекет ете алыў имканияты жаратып берилмекте. Буннан бәршемиз ҳақылы түрде мақтанамыз. Себеби бул, жоқарыда айтқанымыздай, бийбаҳа байлық, инсан капиталын жоқарылатыўда әҳмийетли қәдем.

Бирақ, және бир ҳақыйқатты умытпаўымыз керек. XXI әсир жетискенликлерге ҳәўес болып отырыўды жақтырмайды. Себеби, бизди күтип турған келешекке мүнәсип түрде таярлық көрип, турақлы түрде алға қарай ҳәрекет етиў зәрүр. Сонлықтан, Президентимиз жаслар билимлендириўи бағдарында бир қатар жаңа басламаларды алға қойды.

Мәселен, Алмазар районындағы 10 мектепте инженерлик лабораториялары шөлкемлестирилди. Бүгин бул лабораторияларда 2 мың оқыўшы робототехника ҳәм алдынғы технологияларды үйренбекте. Барлық районлардың ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйренип, ғалаба ен жайдырыў, өз аймағындағы 5 мектепти усындай лабораториялар менен үскенелеў тапсырылды.

Буннан тысқары, 36 техника жоқары оқыў орны ректорлары жасалма интеллект, робототехника, дрон, киберқәўипсизлик сыяқлы ойлап табыўшылық бағдарларында "Жоқары оқыў орны кубоги"н жәриялайтуғын болды. Итибарлы тәрепи, ең жақсы стартап жойбарлар коммерцияластырылады.

Қалаберди, келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадалары ҳәм таңлаўлары өткериледи. Себеби, ҳәзир физика, химия, технология, инженерлик, математика сыяқлы STEM пәнлердиң әҳмийети барған сайын артып бармақта. Ҳәзирден-ақ оқыўшыларды усы пәнлерге бағдарлаў, хошаметлеў тийкарында пуқта оқытыў халқымыз балаларының халықаралық кескин бәсекиге шыдамлы болып өсиўине тийкар жаратады. Бул ушырасыў мине усындай тәреплери себепли де тарийхый ўақыя деп айтыўға толық арзыйды.

Усы жерде кишкене пикир. Жоқарыда келешекте илимий пикирлеўге зәрүрлик еселеп артып кетиўи ҳаққында айтқан едик. Соң жасларды сол бәсекиге шыдамлы етиў бағдарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған айырым өзгерислерге тоқтап өттик. Ал, усының менен мәселе шешиле ме? Жақын келешекте 40 миллионға жететуғын халқымыз жетерли билимге ийе бола ма?

Мениңше, реформалардың өзи жетерли емес. Яғный, мине усы имканиятлар, реформаларға сәйкес түрде жәмийет те өзгериўи шәрт. Тәкирар болса да айтамыз, көпшилигимиз илимий бәсекиге толы келешек ҳаққында ойлап та көрмегенбиз. Егер олай болмағанда, оқытыўшылардың абырайын арттырыў ушын олардың айлығы еселеп көтерилиўин күтип отырмас едик. Баламызға тәнбеҳ берген муғаллимниң қасына муш емес, гүл көтерип барған болар едик. Бир жыл жоқары билимлендириўге қабыл етилмеген перзентимизди "Оның орнына ислеп пул тап, ертең шаңарағыңды қалай бағасаң", деп сырт елге жумысқа қуўып жибермеген болар едик.

Дурыс, бүгин қаншелли қыйын болмасын, перзентлериниң оқыўына айрықша итибар берип атырған ата-аналар бар. Тилекке қарсы, олардың қатары онша үлкен емес. Биз оқып, шын мәнисинде академиялық билим алыўды емес, жақсырақ жерде ислеў, бүгин көбирек пул табыў ҳаққында қайғырамыз. Турмыслық есабымыз да соған жараса. Соның ушын, елеге шекем тойлар биз ушын ең әҳмийетли ўақыя болып қәлмақта. Бар тапқанымызды соған сарыплаймыз. Солай екен, жәмийетти өзгертиў ушын не қылыў керек?

Биринши орында, зыялылар илимди үгит-нәсиятлаўы шәрт. Енди оқысаң жақсы қәниге боласаң, жақсы жасайсаң, деп айтыўдың өзи жетерли емес. Буған қосып жоқарыда айтқанымыздай - бәсекиге толы келешек ҳаққында көбирек мағлыўмат бериў керек. Қалаберди, шаңарақларда илимий дәрежени арттырыўға итибар бериў зәрүр. Бул бағдарда орынланыўы керек болған ўазыйпаға мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте тоқтап өтти ҳәм: "Мен бир турмыслық пикирди тәкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, пүткил жәмийет билимли, ағартыўшы болады. Бул бағдардағы жумысларды және де жедел даўам еттиремиз", деди.

Және бир қуўанышлы жағдай, ҳаял-қызларға контракт пулы мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны себепли студент қызлардың саны 11 есеге көбейген. Енди қызлардың билим алыўы және де кеңнен ен жайыўы, қызларымыз - миллеттиң болажақ аналары жасалма интеллекттен де билимлирек болыўы керек.

Қызлардың билим алыўы бойынша да жәмийетимизде қатып қалған көзқарас бар. Ертең бәри бир бул тараўда ислемесең, оқып не қыласаң, деймиз. Мине усы себеп пенен олардың оқыўына я улыўма рухсат берилмейди ямаса өзлерине унамайтуғын, бирақ ислеўи мүмкин болған санаўлы кәсиплерге бағдарланады. Мәжбүрий таңлаў себепли олардың илимий потенциалы да толық ашылмай қалып кетиў итималы жоқары. Себеби, пүткиллей басқа пән ямаса тараўда таланты болғаны ушын бул тараўға улыўма қызықпайды.

Бүгин қызларды оқытыўда итибар қарататуғын тәреплеримизден ең әҳмийетлиси кәсип таңлаў еркинлигин толық бериў болып есапланады. Себеби, жоқарыда болажақ аналар жасалма интеллекттен де билимлирек болыўы керек, дедик. Бул асыра айтқан сөз емес. Турмыслық зәрүрлик, қызлар билимлендириўиниң қаншелли әҳмийетли екенлигине ишара.

Келиң, әпиўайырақ етип түсиндирейик. Ҳәзир дүньяда жүдә әжайып тенденция бақланбақта. Яғный, биз билмеген нәрселеримизди ата-анамыздан сорайтуғын едик. Олар буның жуўабын билмесе де турмыслық тәжирийбесинен келип шығып жуўап беретуғын еди. Ямаса китапты ашып айтады. Ҳәзир шаңарақта отырғанымызда тартыслы сораў туўылып қалса, еле мектепке бармаған баламыз: "Интернеттен қарап көриң", дейди. Себеби, балаларымыз да өзлеримиз сыяқлы барлық сораўлардың жуўабы интернетте бар деп ойлайды.

Дурыс, тармақлардың имканияты кең. Әсиресе, жасалма интеллект қәлеген сораўға жуўап береди. Бирақ, ол усынып атырған жуўаплар барлық ўақытта да дурыс бола бермейди. Айтпақшы болғанымыз, жасалма ақылға ғәрезли болып қалмаў, оны басқара алыў ушын да аналар билимли болыўы керек. Себеби, ананың илимий пикирлеўи көбирек балада сәўлеленеди.

Қалаберсе, нәрестениң дәслепки көнликпелери қәлиплесип атырғанда ол анасы менен көбирек ўақыт өткереди. Сол себепли, Үшинши Ренессансты қурыў жолынан баратырған Өзбекстанда пүткил жәмийетти илимли, ағартыўшы етиўге үлкен итибар берилмекте. Буның ушын биз, бәринен бурын, китапқумар әўладты қәлиплестириўимиз керек.

Республикалық баспасөздеги дәслепки үлкен шығыўым китапқумарлық, анығырағы, жаслардың китап оқымаўы ҳаққындағы мақалаға жаңғырық еди. Бул тап сол, 25 жыл бурынғы гәп. Буны еслегенимниң себеби, сол ўақытта баспа сөзлерди бақлап жүретуғын едим. Онда бәрқулла китап оқымайтуғын жаслар ҳаққында шығыўлар бақланатуғын еди. Мениң мақалам да сол шығыўлардың бири сыпатында өтип кеткен. Сонша мақалалар жәрияланса да, мәселе журналистлер, зиялылар тәрепинен көтерилсе де китапқумарлық бойынша қандай да бир әҳмийетли жумыс исленгенин еслей алмайман. Ядымда қалғаны, сол ўақытта бурынғы колхозға қараслы ҳәм мәҳәллемиздеги үлкен китапханалар бизге белгисиз себеплер менен көширип алып кеткен еди.

Қызығы сонда, еки китапхана да бизден 20 километр узақтағы колледж имаратына жайластырылды. Ашынарлысы, көшириў процесинде қаншадан-қанша китаплар жоғалды, және қаншасы жергиликли "идеология" шығырығынан өте алмады. Буны сонда ҳәўескер журналист, сол китапханалардың ағзасы сыпатында жүрегим ашып, үнсиз бақлағанман.

Және бир турмыслық ўақыя. Әйне сол жыллары мәҳәллемиздеги Қулмуҳаммед аға базарда газета-журнал сататуғын еди. Бир сапары барсам, таза китапларды үйип тақлап қойған екен. Китаптың баҳасы пәлен сум. Егер сатып алыўға қыйналсаң, ижараға ал, деди.

Аўа, сол ўақытта мәҳәллелесим китапты арзан пулға ижараға бериўди жолға қойған еди. Қызығы сонда, сол ўақытта ижарадағы китапларды алыў ушын гезек күтип туратуғын едик. Айтпақшы болғаным, халқымыз ҳеш қашан китаптан пүткиллей узақласқан емес. Ҳәтте биз ғалаба рәўиште жасларды китап оқымайтуғынлықта айыплаған болсақ та! Тек ғана китап оқыўға имканият, шараят жетерли болмаған. Бар имканиятлар да китапханаларды орайластырыў бәнеси менен китап оқыўдан пулды үнемлеўге қаратылған жумыслар себепли жоққа шығарылды. Шөпке жабысқан адамдай қолымнан беккем услап алған бир зиялы ағамыз газетаға жазың, китапханамызды сақлап қалайық, дегени сирә ядымнан шықпайды.

Ҳәзир китап оқығаны ушын машина берилиўине де көнлигип кеттик. "Китапқумар миллет" идеясы тийкарында жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Қуўанышлы тәрепи, дәстүрий тәризде өткерилип атырған "Жас китапқумар" таңлаўында қатнасыўшылардың саны 6 есеге артып, 3 миллионға жеткен. Машина утып алыў интасы жасларды китап пенен турақлы шуғылланыў, оқығанларын түсиникли тилде баянлаў көнликпесин өзлестириўге себеп болды. Яғный, бир ғана таңлаў себепли дүньяқарасы кең, пикирин толық айта алатуғын жаслардың қатары кеңейди.

Жоқарыда китапты ижараға беретуғын мәҳәллемниң мысалында китап оқыўға имканият жаратыў ҳаққында айттық. Ҳәзир тек ғана жаңа китапларды басып шығарыў, оларды мектеплер, мәҳәллелерге бийпул жеткерип бериў емес, ал жасларға оны оқып бериў де ғалаба ен жаймақта.

Бир топар белсенди жаслар тәрепинен жаратылған "Мутолаа" жойбары иске түсирилди. Арнаўлы қосымшадағы китапларды гаджетлер арқалы оқыў да, тыңлаў да мүмкин. Буның ушын профессионал сес шеберлери, актёрлар жәрдеминде китаплар аудиластырылған. Оның қолайлықлары жүдә жақсы. Жол-жөнекей де китапты тыңлап кете бересиз. Кейинги сапар қосымша адаспастан китаптың келген жеринен қойып береди. Мине, усындай имканиятлар себепли усы қосымша арқалы 1 миллионнан аслам жас китапқумарлар қатарына кирди.

Бир ўақытлары сатып ала алмаған китабымызды ижараға алғанымыз сыяқлы, ҳәзир жаслар таба алмаған китапларын усы жойбар себепли бийпул оқып атыр. Мәселен, жойбардың сынақ дәўиринде ең көп пайдаланған жерлесимиз анықланып, оннан пикир соралған еди. Сонда ол қызы таңлаўға қатнасыў ушын ҳәмме китапты таба алмағанын, "Мутолаа" қосымшасы болса оларға жақсы жәрдемши болғанын айтқан.

Биз жоқарыда қайта-қайта айтқанымыздай - талантлылар өзин толық көрсете алыўы ушын, бәринен бурын, имканият болыўы керек. Кейин жәмийетте өзгерис күтиўге арзыйды. Яғный, кешеги өзгерислер бүгин китапқумар, ағартыўшы жәмийетке тырнақ тасы қаланбақта. Бүгинги ҳәрекетлер болса жасалма интеллектке де сабақ беретуғын, устазын төбесинде көтерип жүретуғын, той сыяқлы ҳәр қыйлы илажларды ықшамлап өткериў тәрепдары болған жәмийеттиң қәлиплесиўине исеним оятады.

Гәп исеним ҳаққында барар екен, және бир қуўанышлы жағдайды еслеп өтпекшимен. Жақында социаллық тармақларда қорғаныў министриниң кеңесгөйи Олимжон Ўсаров бир қызықлы мағлыўматты бөлисти. Яғный, Өзбекстан Қураллы Күшлери академиясына қысқа мүддетли әмелият өтеў ушын келген Франция армиясының киши лейтенанты Франсуа-Андре мәмлекетимиз жасларын әскерий-ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, шақырыўға шекемги басланғыш таярлық системасы менен жақыннан танысыў мақсетинде Юнусабад районындағы мектеплерден бирине барған. Ол мектепте ШШБТ пәни оқыў бөлмеси, жаратылған шараятлар, әмелий сабақ процесслери менен танысты. "Ўатан таянышы" ҳәрекети ағзаларының әскерий спорт шынығыўларын бақлаған ҳәм қәлеген оқыўшыны өзи менен жарысыўға мирәт еткен.

Сонда мектептиң 11-класс оқыўшысы, "Ўатан таянышы" ҳәрекетиниң ағзасы Улуғбек Отабеков француз офицериниң мирәтин қабыл еткен. Олар автоматты шашып-жыйнаў ҳәм армрестлинг бойынша өз-ара күш сынасқан. Итибарлы тәрепи, Улуғбек франциялы офицерди еки беллесиўде де жеңген. Бирақ, Өзбекстан Қураллы Күшлери академиясының курсантынан утылған.

Усы факттиң өзи басланған реформалар, имканиятлар берип атырған нәтийже болып есапланады. Енди барлық тараўда раўажланыўдың жаңа басқышына өтиў басланды. Атап айтқанда, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарында да. Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сөйлесиўде бул бағдардағы ўазыйпаларды айтып өтти. Яғный жасларымызда ўатансүйиўшилик руўхын күшейтиў бойынша 10-11-класс оқыўшылары арасында басланған "Ўатан таянышы" ҳәрекети кәсип-өнер мектеби, техникум ҳәм жеке меншик билимлендириў шөлкемлеринде де жолға қойылатуғыны белгиленди. Сондай-ақ, "Ўатан таянышы" отрядлары арасында "мектеп - район - ўәлаят - республика" дәрежесинде спорт жарыслары ҳәм дөретиўшилик таңлаўлар шөлкемлестирилетуғын болды.

Жоқарыда дүньяның ҳәзирги жағдайын айттық. Улыўма, барлық заманларда мәмлекеттиң раўажланыўы тек ғана оның илимий потенциалы, экономикалық турақлылығына байланыслы болып қалмаған. Бәлким, сол экономикалық тоқшылық себепли ақылы пүтин, ой-пикири кең, илим-қәбилетли ўатан қорғаўшылары камалға келиўи әҳмийетли болған. Себеби, елдиң шегарасын сақлаў бәрқулла әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының жаслар менен сөйлесиўинде олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турмыстан разы етиў, илимий потенциалын жүзеге шығарыўдан баслап, өзлигин таныў, уллы ата-бабаларға мүнәсип әўлад болып камалға келиўине шекемги комплексли мәселелер қамтып алынды. Жуўапкерлерге бул мәселелердиң шешимине қаратылған ўазыйпалар берилди. Булардың ҳәр бирин бир мақаладағы пикирлер менен жеткерип бериў қыйын. Бирақ, бир пикирди айтып өтиў керек, Президентимиз: "Бүгинги күнде Ўатанымыз өз раўажланыўының жаңа бир тарийхый басқышына қәдем қоймақта. Бул дәўирде алдымызда бурын дус келмеген қурамалы ўазыйпалар, тосқынлықлар пайда болыўы тәбийий, әлбетте. Бирақ, қаншелли қыйын болмасын, биз алдымызға қойған үлкен мақсетлерге әлбетте ерисемиз", деди.

Соң жасларға мүрәжат етип, елимизди Үшинши Ренессанс үлкесине айландырыўда алдынғы қатарларда болатуғынына исеним билдирилди. Бул исеним өзин ақлайды, деп үмит етемиз. Бүгин сырт елдеги ең жақсы жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған ҳәм оларға ҳәўес етип, сол жоқары шеклерди гөзлеп атырған жигит-қызлар ўақты келип усы ел, ана журтымыздың пидайы перзентлери болады.

Енди мақаламыздың басындағы пикирге қайтып, сол ҳикметти еслесек: "Даналар қаласы, оның халқы, олардың кеўиллери ерисетуғын бахыт-ығбал не екенлигин билиўи зәрүр".

Биз Үшинши Ренессанс тымсалында пазыйлетли адамлар жерин қурмақшымыз. Егер биз дана адамлар қаласында жасаў бахытын сезе алсақ, оған ерисиў ушын қәлбимизде оғада күшли умтылыў туўылады. Ҳәзирги қәдемлеримизди сол бийик шекке сәйкеслеп таслаймыз. Бундай қәдем таслаў болса жоқарыда тәкирарланғанымыздай - келешекти көз алдымызға келтирип, оған таяр турыўға, бул жолда бирден-бир халық, бирден-бир ўатан болып алға умтылыўға ийтермелейди. Мениңше, мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ушырасыўынан гөзленген ең үлкен мақсетлердиң бири де кеўиллеримиз ерисетуғын бахыт-ығбал не екенлигин түсиндириўге қаратылған.

Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы