Пәрманға бола:
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги сапластырылып, оның мәлимлеме тараўында қадағалаў ҳәм мониторинг бойынша ўазыйпалары менен функциялары Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясына өткерилди;
Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орай Администрация бойсыныўына өткерилди;
Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы негизинде Наркотиклер ҳәм оқатар қуралларды қадағалаў агентлиги шөлкемлестирилди;
Администрация Баспасөз хызмети медиа-орайы негизинде Ғалаба хабар қураллары ушын контент таярлаў орайы шөлкемлестирилди;
Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги негизинде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги шөлкемлестирилди;
Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Администрация бойсыныўына өткерилди.
2025-жыл 1-сентябрьге шекем төмендегилерге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ислеп шығылады:
- бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, тәкирарланыўшы қадағалаў функцияларын бийкар етиў, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў;
- аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бағдарында жергиликли ҳәкимликлердиң экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм финанслық ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиў.









