Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-жыл ушын меншиклестириў бағдарламасы ҳаққында"ғы пәрманына бола, мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў тәртибин жетилистириў мақсетинде:
- ижара шәртнамасы дүзилген күннен баслап ижараға алыўшы тәрепинен жыллық ижара төлемлери 1 ай даўамында төленген жағдайда, оған жыллық ижара суммасынан усы шәртнама дүзилген сәнедеги Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында шегирме бериледи;
- 6 ай даўамында электрон онлайн аукцион саўдаларында ижараға берилмеген объектлердиң басланғыш баҳасы 50 процентке азайтылған баҳада белгиленеди. Онда басланғыш баҳа төменлетилгенде де ижараға берилмесе, бул аукцион онда 1 қатнасыўшы қатнасқан жағдайда да, бурынғысынан басқаша тәризде, өткерилген деп есапланады.
2025-жыл 1-июльден Саўда-санаат палатасының аймақлық бөлимлерине "Мәмлекетлик мүлк" мәлимлеме системасы арқалы мәмлекет ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар көшпес мүлк объектлерин сатыў ушын тиккелей электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў бойынша арза бериў ҳуқықы бериледи.
Исбилерменлерди (соның ишинде, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды) сапластырыў ҳаққында дизимнен өткериўши уйым хабардар етилген сәнеден олардың финанс-хожалық жумысы тоқтатылады ҳәм жер салығы, мүлк салығы, суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық, сондай-ақ, барлық түрдеги салық ҳәм жыйымлар бойынша пеняларды есаплап жазыў, дивидендлер есаплаў қадаған етиледи.
2025-жыл 1-октябрьден баслап ийесиз көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик мүлк объекти сыпатында мәмлекетлик дизимге алыў бойынша мүрәжатлар тийисли судқа Мәмлекетлик активлер агентлиги тәрепинен киргизиледи.