Процесс төмендеги избе-изликте әмелге асырылады:
1. Системаға кириў - Пайдаланыўшы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына (my.gov.uz) кирип, "Жеке кабинет" бөлимине өтеди.
2. Хызметти таңлаў - "Хызметлер" бөлиминен Денсаўлықты сақлаў категориясын таңлайды.
3. Медицина мәкемелерине бириктириў - Усы бөлимде "Физикалық шахсларды мәмлекетлик медицина мәкемелерине дизимге алыў" хызметин таңлайды.
4. Мағлыўматларды киргизиў - Ашылған бетте төмендеги басқышлар орынланады:
Аймақты таңлаў;
Район бойинша медицина мәкемесин таңлаў;
Медицина мәкемеси номерин белгилеў;
Шыпакерди таңлаў;
5. Тастыйықлаў - Шыпакерге бириктириў түймеси басылады ҳәм арза рәсмийлестириледи.
Сондай-ақ, пуқара турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған жери бойынша дизимнен өткенде, оны жаңа мәнзилдеги мәмлекетлик медицина мәкемесине автомат тәризде дизимге алыў системасы енгизилди. Бул болса халыққа және де қолайлы ҳәм оператив хызмет көрсетиў имканиятын береди.