Реже корпоратив буйыртпашылар менен исбилерменлик субъектлери арасында ықтыярый тийкарда кооперация байланысларын орнатыў ҳәм бул процессте мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў тәртибин белгилейди.
Режеде төмендегилер нәзерде тутылған:
корпоратив буйыртпашылар тәрепинен импорт етилиўи режелестирилген өнимлер дизимин қәлиплестириў ҳәм жәриялаў;
кооперация байланысларын орнатыў ушын исбилерменлердиң усынысларын қабыл етиў тәртибин ҳәм оларды баҳалаў нормаларын белгилеў;
исбилерменлер менен кооперация байланысларын орнатыў бойынша келисим дүзиў;
кооперация байланысларын орнатқан исбилерменлер өнимлерин мәмлекетлик буйыртпашыларға сатыў имканиятларын жаратыў.
Кооперация байланысларын орнатыў ушын корпоратив буйыртпашының басқарыў уйымларының қарарына муўапық басқарыў хызметкерлери арасынан кеминде бес ағзадан ибарат қурамда комиссия дүзиледи.
"Киши бизнеске көмеклесиў орайы" ЖШЖ киши исбилерменлик субъектлерине кооперация байланысларын орнатыў бойынша бизнес жойбарларын ислеп шығыўға көмеклеседи.