Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў және де әпиўайыласады

    24 желтоқсан 2024 376

    "Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (847-санлы, 18.12.2024-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, 5 түрдеги мәмлекетлик хызметлер проактив тәризде ҳәм 6 түрдеги мәмлекетлик хызметлер композит тәризде көрсетиў жолға қойылмақта.

    Бунда:

    Төмендеги мәмлекетлик хызметлерди проактив түрде көрсетиў жолға қойылмақта:

    электр энергиясын есапқа алыў үскенелерин дәўирлик тексериўден өткериў;

    тәбийий газди есапқа алыў үскенелерин дәўирлик тексериўден өткериў;

    ишимлик суўын есапқа алыў үскенелерин дәўирлик тексериўден өткериў;

    ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин дәўирлик тексериўден өткериў;

    жеке меншик бәнтлик агентликлерин Жеке меншик бәнтлик агентликлериниң реестрине киргизиў.

    Проактив мәмлекетлик хызмет - физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларысыз ўәкилликли уйымлардың басламасы менен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер.

    Сондай-ақ, төмендеги мәмлекетлик хызметлерди композит тәризде көрсетиў жолға қойылмақта:

    көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм усы мәнзилге турақлы жасаў орны бойынша дизимге қойыў;

    көшпес мүлк ижара ямаса бийпул пайдаланыў шәртнамаларын мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойыў ҳәм усы мәнзилге ўақтынша турған орны бойынша дизимге қойыў;

    мәмлекетке тийисли имарат ямаса объектти кеминде бир жыл мүддетке ижараға бериў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў;

    “E-auksion” электрон саўда платформасында көшпес мүлк объектлерин сатыў ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў;

    медициналық жумыс ушын лицензия менен бирге рентген үскенелеринен пайдаланыў ушын рухсатнама алыў;

    қәўипли жүклерди тасыў ушын сыйымлардың жарамлылығы ҳаққындағы жуўмақ пенен бирге ядролық ҳәм радиоактив материаллар, радиация дәреклери, радиоактив шығындылар ҳәм қурылмаларды тасыў шәртлери ҳәм усылларының санитариялық қағыйдаларға муўапықлығы ҳаққында жуўмақ алыў.

    Композит мәмлекетлик хызмети - физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бир мүрәжаты тийкарында ўәкилликли уйымлар тәрепинен көрсетилетуғын еки ҳәм оннан артық мәмлекетлик хызметлер комплекси.

    Буннан тысқары, төмендеги 2 түрдеги руқсат етиў қәсийетине ийе мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў паспортлары тастыйықланды:

    арнаўлы киргизилетуғын биологиялық актив затлар, жаңа химиялық элементлер, азық-аўқат қосымшалары, биологиялық қураллар ҳәм материаллар, полимер ҳәм пластикалық массалар, парфюмерия-косметика өнимин (БАД) алып кириўи ҳәм өндириси ушын рухсатнама;

    мәдений байлықларды Өзбекстаннан алып шығыў ямаса ўақтынша алып шығыў ҳуқықын бериўши сертификат алыў.

    Төмендеги 3 түрдеги жумыс түрлерин хабардар етиўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў паспортлары тастыйықланды:

    бажыхана брокериниң жумысы;

    халықаралық куръерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў бойынша жумыс;

    мәмлекетлик емес архивлерди шөлкемлестириў бойынша жумыс.

    Усы мүнәсибет пенен, белгиленген мәмлекетлик емес архивлердиң жумысын шөлкемлестириўге байланыслы артықша тәртиплер бийкар етилди.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates