Бул ҳаққында Президенттиң 21-августта қол қойылған қарарында белгиленди.
"Өзбекстанда футбол тараўын санластырыў ҳәм ғалабалығын және де арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарға бола, 2025-жылдың ақырына шекем мәмлекетлик мүлктеги футбол стадионлары ҳәм майданлары хатлаўдан өткериледи. Инвентаризация нәтийжелери бойынша футбол стадионлары ҳәм майданлары ҳаққындағы мағлыўматлар 2026-жыл июльге шекем "Миллий футбол электрон платформасы" мәлимлеме системасына киргизиледи.
Ийеси белгисиз стадион ҳәм майданлардың жер участкалары ҳәм имарат-объектлери хатлаўдан өткерилип, оларға болған ҳуқықлар белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи тәмийинленеди.
Кадастр агентлигиниң мәлимлеме системаларына мәмлекетлик мүлктеги футбол стадионлары ҳәм майданларының пайдаланыў мақсетлери өзгертилиўи және сатыўға шығарылыўы қадаған етилиўи бойынша тийисли илажлар турақлы түрде әмелге асырылады.
Жоқарыдағы ўазыйпалар ушын Өзбекстан футбол ассоциациясы, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Кадастр агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жуўапкер етип белгиленди.
2025-жыл 1-октябрьден баслап мәҳәллелерде футбол майданларын қурыў бойынша "Ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданы" бағдарламасы енгизиледи. Бағдарлама шеңберинде мәҳәллелердеги бос турған мәмлекетлик жер участкалары олардың бир бөлегинде футбол майданын қурыў ҳәм кеминде 10 жыл даўамында оның пайдаланыў мақсетин өзгертпеў шәрти менен аукцион саўдаларына шығарылады.
Электрон онлайн аукцион саўдалары жеңимпазларына сатып алынған бос турған жер участкаларының қалған бөлегинен нызамшылықта белгиленген тәртипте пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳуқықы бериледи.