Дайибекова Тунис Гран-присинде 8-орынды ийеледи

    Тунисте қылышласыўдың сабля бағдары бойынша өткерилген Гран-при турниринде Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан ең жоқары нәтийжени Зайнаб Дайибекова көрсетти.

    ӨзАның хабар бериўинше, аўыр кешкен беллесиўлер даўамында Олимпиада ойынларының еки мәрте гүмис медал ийеси, франциялы Сара Балсер сыяқлы белгили қылышпазларды жеңген Зайнаб Дайибекова шерек финалда және бир француз спортшысы Сара Нучага менен ушырасты.

    Кескин өткен жарыста жерлесимиз 8-орынды ийелеў арқалы халықаралық рейтинг ушын керекли балларды топлаўға еристи.

    1/32 финалда сайланды командамыз ағзалары Гүлистан Пердебаева ҳәм Фернанда Эррера беллесиўинде лигонер спортшымыз жеңиске еристи. Эррера өз гезегинде, шерек финалда турнирдиң болажақ жеңимпазы япониялы Мисаки Эмураға 14:15 есабында жол бериўге мәжбүр болды.

    Журтласымыз Исламбек Абдазов та ярым финалдан соң тамашагөйлер қатарынан орын алды.