Мәжилис шеңберинде халықаралық туризмниң заманагөй тенденциялары, санластырыў процесслери, туристлер ағымын көбейтиў мәселелери, сондай-ақ, Өзбекстанның басламасы менен Халықаралық қәўипсиз туризм кодексин ислеп шығыў ҳәм 2027-жылы Халықаралық турақлы ҳәм қолайлы туризм жылын жоқары дәрежеде өткериў мәселелери додаланбақта.
Илажда Европа мәмлекетлери ҳәм басқа да регионлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, туризм тараўының қәнигелери қатнаспақта.
А.Аққулов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимизде "2027-жыл Халықаралық турақлы ҳәм абадан туризм жылы"ның ашылыў мәресими өткерилетуғынын мәлим етти. Барлық Европа мәмлекетлери бул басламаны бир аўыздан қоллап-қуўатлады. Сондай-ақ, Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, туризм инфраструктурасын жетилистириў ҳәм жаңа туризм бағдарларын раўажландырыў ҳаққында айтып өтти. Экологиялық турақлылықты сақлаў, мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм жергиликли халықтың мәплерин есапқа алған ҳалда туризмди раўажландырыў мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири екени айрықша атап өтилди.
Өз гезегинде, БМШтың туризм бойынша басшылығы Өзбекстанда туризм билимлендириўин раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформаларды айрықша атап өтти.
Бул сапар етиў Өзбекстанның дүнья туризм майданындағы халықаралық абырайын және де беккемлеў, жаңа шериклик байланысларын орнатыў ҳәм тараўдағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе. Илаж жуўмағында ағза мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алыныўы күтилмекте.