Форум 1995-жылғы Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасының 30 жыллығына бағышланған. Оның мақсети гендер теңликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм олардың глобал раўажланыўдағы ролин кеңейтиўден ибарат.
Жүзден аслам мәмлекеттен қатнасыўшылар қатарында Бас министрдиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да бар. Оның қурамына Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Шахло Ибрагимова да киргизилди.
Форумда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша Өзбекстанның тийкарғы бағдарлары ҳәм әмелий басламалары ҳаққында мағлыўмат берилди. Санлы технологиялар, "жасыл" экономика, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, STEM-билимлендириў, халықаралық грантлар ҳәм ҳаял-қызлар потенциалын раўажландырыў тараўларындағы жойбарлар додаланды.
Сондай-ақ, саммит шеңберинде Қытай Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси баслығының орынбасары, Пүткилқытай ҳаял-қызлар федерациясының басшысы Шэнь Юэюэ менен ушырасыў болып өтти. Тәреплер саммит жуўмақларын әмелге асырыў механизмлерин додалады ҳәм ҳаял-қызлардың ҳәр тәреплеме раўажланыўын жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.