баннер
7 Mar 2025
17:06

    Депутат мәҳәлле белсендилери менен сәўбетлести

    Алдын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Нодира Рашидованың республикамызда сайлаўшылары менен ушырасыўлары орынларда даўам етпекте. Гезектеги ушырасыў Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәҳәллесинде болып өтти.

    Депутат дәслеп «мәҳәлле жетилиги» ўәкиллериниң халық абаданлығын арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм ҳаял-қызлар менен жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы мағлаўматларды тыңлады.

    Мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў, шешимин күтип турған мәселелер бойынша усынысларды тыңлады.

    Сондай-ақ, мәҳәлле белсендилери менен өткерилген ушырасыўда партияның сайлаўалды бағдарламада әмелге асырылыўы нәзерде тутылған ўазыйпалар ҳәм олардың орынланыўы, жаңа нызамлар қабыл етилиўи ҳәм нызамшылықтағы өзгерислер ҳаққында сөз етти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech