баннер
23 Mar 2025
02:02

    "Дипломатиялық хызмет ағласы" ҳәм "Дипломатиялық хызмет пидайысы" көкирек белгилери шөлкемлестирилди

    Ҳүкимет қарары менен тийисли режелер тастыйықланды.

    "Дипломатиялық хызмет ағласы" көкирек белгиси менен Өзбекстан Республикасының халықаралық майдандағы миллий мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекеттиң абырайын арттырыў және мәмлекеттиң сыртқы сиясий ҳәм экономикалық мәплерин нәтийжели алға қойыў бағдарындағы ўазыйпаларды ўатансүйиўшилик руўхында, шын кеўилден ҳәм үлгили түрде орынлап атырған Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги системасындағы және басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери сыйлықланады.

    "Дипломатиялық хызмет пидайысы" көкирек белгиси менен сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен еки ҳәм көп тәреплеме байланысларының раўажланыўына сезилерли үлес қосқан сырт ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар ҳәм Өзбекстан Республикасы пуқаралары, соның ишинде, сырт елде турақлы жасайтуғын ўатанласлар сыйлықланады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech