Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықты күшейтиў, ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде ҳәр бир мектепте жеке гүрес ҳәм командалық олимпиада спорт түрлери бойынша кеминде биреўден дөгерек болыўы шәрт екенлигин тийкарғы ўазыйпалар қатарында белгилеп берген еди.
Бул әҳмийетли тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў, мәмлекетте дзюдоны және де ғалаба ен жайдырыў ҳәм сол арқалы усы спорт түри бойынша жас талант ийелерин камалға келтириў мақсетинде өзбекстанлы спортшы-қызлар арасында биринши Олимпиада чемпионы, өзбек дзюдосына Олимпиада ойынларындағы биринши алтын медалды алып берген Диёра Келдиёрова атындағы заманагөй, халықаралық талапларға жуўап беретуғын дзюдо клубы пайдаланыўға тапсырылды.
Диёра Келдиёрова атындағы дзюдо клубының салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан спорт министри Адҳам Икромов, МОҚ баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров, Халықаралық дзюдо федерациясы (IJF) президенти Мариус Визер ҳәм басқа да жуўапкер басшылар қатнасты.
Бул дзюдо клубы залына 4 татами төселген. Онда физикалық шынығыўлар орынлаў имканиятын беретуғын спорт инвентарлары, кийиниў, жуўыныў ҳәм медицина ханалары бар. Жәҳән стандартларына толық жуўап беретуғын бул орайда шуғылланыўшылар ушын барлық имканиятлар жаратылған.