2025-жыл 29-сентябрьден 5-октябрьге шекем (сол күни де) белгили бир сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына контракт тийкарында оқыўға кириўге усыныс етилген абитуриентлер тастыйықланған мәмлекетлик буйыртпа параметрлери шеңберинде (таңлаған жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдары бойынша) талабан сыпатында дизимнен өтиўи мүмкин.

Дизимнен өткен абитуриентлер ушын тест сынақлары 2025-жыл 12-октябрьге шекем өткериледи.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги еслетип өтеди, дизимнен өткериўде Президенттиң 2019-жыл 14-майдағы ПҚ-4319-санлы қарарында белгиленген муғдарда төлем алынады.

Тест сынақларының нәтийжелери бойынша абитуриентлер топлаған балларына қатаң түрде муўапықлық тийкарында тәртипке салынады. Нәтийжелер оқыўға қабыллаўды рәсмийлестириў ушын тийисли жоқары оқыў орынларына 2025-жыл 17-октябрьге шекем жибериледи.

Буннан тысқары, усы жылы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў ушын дизимнен өтип, тест сынақларын тапсырған, бирақ оқыўға усыныс етилмеген питкериўшилер де таңлаўда қатнасыўы мүмкин болады. Егер олардың нәтийжелери оқыў тили ҳәм пәнлери бойынша таңлаған бағдарына сәйкес келсе, сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына да талабан бола алады.