Салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Спорт министриниң орынбасары Шахрилло Махмудов, халықаралық белбеўли гүрес федерациясының президенти Хабир Хабибулин, Азия белбеўли гүрес федерациясының президенти Мўмин Муратов шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм оларға әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыў, Олимпиада спорт түрлери менен бир қатарда миллий спорт түрлерин де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.
Әлбетте, усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде белбеўли гүрес спорт түрин және де ғалаба ен жайдырыўда ластырыўда ҳәм халықаралық беллесиўлер жеңимпазларын жетилистирип шығарыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген спорт жарыслары баслап жиберилди. Кескин беллесиўлерге бай болған жарыс соңында, ул балалар арасында 45 кг салмақта қырғызстанлы Алберт Абдукаров биринши, россиялы Темирлан Ходжаков екинши, өзбекстанлы Зиёдулла Маҳаммадвалиев ҳәм және бир қырғызстанлы Элбек Исмаиловлар үшинши орынды ийелеўге миясар болды. 50 кг салмақта болса, түркменстанлы Башыммуҳаммедов барлық қарсыласларын жеңип алтын медальды жеңип алған болса, Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Абдумажид Хусанбаев гүмис, россиялы Никита Петров ҳәм сайланды командамыздың және бир ағзасы Асрорбек Ғафуровлар қола медалын қолға киргизди. 55 кг да елимиз сайланды командасы ағзасы Рамзиддин Абдулхамидовқа тең келетуғын қарсылас табылмады ҳәм финальда ол россиялы Ислам Тоторкуловты жеңип жәҳән чемпионына айланды. Түркменстанлы Палван Чориев ҳәм қазақстанлы Алишер Назаровларға қола медалы несип еттти. 60 кг да қазақстанлы Шерхан Есболат финальда россиялы Амир Батшаевты жеңип алтын медалды жеңип алды. Өзбекстан сайланды командасы ағзалары Муҳибуллаҳ Садирдинов ҳәм Асилбек Муҳаммедовларға қола медалын қолға киргизди. 65 кг да аўғанстанлы палўанлардан Муҳаммад Омар Азизи биринши, Жавед Карими екинши, түркменстанлы Гадиргелди Сапаров ҳәм қырғызстанлы Атабек Нишоновлар үшинши орынларды ийелеўге еристи. 71 кг да мәмлекетимиз ўәкили Шерзодбек Елибаев алтын, россиялы Ахмад Хубиев гүмис, оның командаласы Магомадемин Муртазалиев ҳәм қырғызстанлы Субан Апсаматовлар қола медалына миясар болды. 77 кг салмақта болса, мәмлекетимиз сайланды командасы ағзасы Ваисбек Маматалиев алтын, россиялы Алим Семёнов гүмис, және бир россиялы палўан Тулпар Ратаев ҳәм өзбекстанлы Азизжан Базаровлар қола медалын жеңип алды.
85 кг салмақта түркменстанлы Селим Анназаров биринши, россиялы Данила Воронцов екинши, иранлы Муҳаммада Меҳди Вазири ҳәм өзбекстанлы Сарваржан Турдиевлер үшинши орынға ылайық деп табылды. 95 кг да қырғызстанлы Элбек Заинабиддинов алтын, қазақстанлы Аббаз Рахат гүмис, монғолиялы Батбаяар Батбилгуун, россиялы Амир Хафизовлар қола медалын жеңип алды. Ең аўыр салмақта болса, россиялы Тамирлан Мухашев алтын, қырғызстанлы Апсамат Эрмаматов гүмис, қазақстанлы Адилкерей Мейиркул ҳәм россиялы Асхат Аппаковлар қола медалы менен сыйлықланды.
Ал, қызлар арасында болса, мәмлекетимиз сайланды командасы ағзасы есапланған жерлесимиз Тумарис Қалабаева 44 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип, жәҳән чемпионы атағына миясар болды. Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, россиялы Зилия Салахова, Зарина Габидуллина ҳәм мәмлекетимиз ўәкили Гулсанам Солиеваларға несип етти. 48 кг да россиялы Диана Котловская алтын, қазақстанлы Инабат Тазитай гүмис, мәмлекетимиз ўәкили Рухшона Авазова қола, россиялы Раяана Газиевалар қола медалын жеңип алды.
52 кг салмақта Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Сарбиназ Рустамова алтын, Гулсанам Абдукаримова гүмис, россиялы Анна Щепоткина ҳәм Хадижат Джабраиловалар қола медалына қолға киргизди.
57 кг салмақта да сайланды командамыз палўанлары өзлериниң шеберликлерин көрсетип Гулзада Тўлқинова алтын, Меҳриназ Иброҳимова гүмис, россиялы Серафима Шпилевая ҳәм монғолиялы Хуслен Чинзариг қола медалына ылайық деп табылды.
63 кг да россиялы Варвара Омелина финалда мәмлекетимиз ўәкили Гулсевар Норқобилованы жеңип, жәҳән чемпионына айланды. Қырғыз Республикасынан Нурайым Мавлона ҳәм өзбекстанлы Зилола Муллабазаровалар қола медалына миясар болды.
70 кг салмақта болса, елимиз сайланды командасы қурамында қатнасқан, және бир жерлесимиз Айсулыў Қыдырбаева алтын медальға ерисип, россиялы Анастасия Гафанованы жеңип жәҳән чемпионы атағына миясар болды.
Ал, сыйлы үшинши орынларды болса, мәмлекетимиз спортшыларынан Шодиёна Туйчибаева ҳәм Малика Абсаламовлар жеңип алды.
Ең аўыр салмақтағы палўанлар арасында болса, россиялы Аношина София биринши, қазақстанлы Шазана Якубова екинши, қырғызстанлы Жасмин Медербекова ҳәм Азила Фатиховалар қола медалына миясар болды.
Өткерилген жарыс даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









