баннер
25 Apr 2025
18:39

    Әҳмийетли бир айлық мобилизациясы жәрияланды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы пәрманы жәрияланды.

    Пәрманға бола, 2025-жыл 11-марттан баслап "әҳмийетли бир айлық" мобилизациясы жәрияланды.

    Айлық шеңберинде:

    • мәҳәллелерде 29 мың киши өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм өнерментшилик жойбарларын әмелге асырыў, зәрүр аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелерин;
    • халықтың шаңарақларына 1,23 миллион бас қус, 24 мың шаңарақ пал ҳәрреси ҳәм 21 мың бас қой-ешки ҳәм қарамал жеткерип бериледи;
    • 400 мың гектар халықтың қыйтақ жерлеринде ҳәм 180 мың гектар ижара жер майданларында овош, палыз, картошка, собықлы ҳәм басқа да дәраматлы егинлер егиледи.

    Министрликлер, уйымлар ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары ҳәм олардың орынбасарларына аймақ, район ҳәм қалаларға бириктириледи.

    • Сондай-ақ, "Бир мәҳәлле - бир өним" ҳәм ижара жерлеринде "Бир контур - бир өним" принципи тийкарында дәраматлы егинлер егиў шөлкемлестириледи;
    • "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде терек нәллери егиледи ҳәм кәмбағал шаңарақларға мийўели терек нәллери жеткерип бериледи;
    • Мәҳәллелерде мини-трактор ҳәм мотокультиваторлардан пайдаланып, халықтың қыйтақ жерлерине егиў жумыслары шөлкемлестириледи;
    • Суў тәмийнаты аўыр болған 874 мәҳәлледе суўғарыў системасын жаратыўды Наўрыз улыўма халықлық байрамына шекем жуўмақланады;
    • - Кәмбағал шаңарақларға финанслық жәрдем пакетлери (ыссыханалар, қус, балық, шарўа маллары, пал ҳәррешилик үскенелери ҳәм егиў материаллары) жеткерип бериледи;

    Халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде микрожойбарлар әмелге асырылады;

    Кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин кәсип-өнерге оқытыў ҳәм емлениўине жәрдем бериледи.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech