Мен ушын мине усындай умытылмас ўақыялардың бири - Президентимиздиң қолынан сыйлық алыў мәўритлери болды.
Сол секундта жүрегимде сондай сезимлер гүллеп ашылды, оларды сөз бенен айтыў қыйын. Бул - толқынланыў, мақтаныш, шүкиршилик және жуўапкершилик. Бул - мийнеттиң, тынымсыз излениўдиң, халқымыз алдындағы садықлықтың тән алыныўы еди. Усындай жоқары исеним, кишигирим мийнетлердиң жоқары тән алыныўы кеўлиме шексиз қуўаныш бағышлады. Бул даңқ емес, ал әдебиятқа және де терең хызмет етиўге шақырық.
Мен қолымда сыйлықты емес, ал пүткил халқымның меҳрин ҳәм исенимин услап турғанымды сездим. Сол ўақытта көз алдымнан күни-түни ислеген мийнет, дөретиўшилик жолындағы қыйыншылықлар, жүректен күйип жазылған қатарларым кинотаспасындай өтти. Усы ўақытта маған бир ҳақыйқатты және де терең түсиндирди: инсан шын жүреги менен хызмет етсе, халық биледи ҳәм Ўатан оны әлбетте қәдирлейди.
Шайыр жүрегиниң ҳәр деми ели ҳәм Ўатаны менен бирге урады. Шайыр Ўатанының жүзи, елиниң көзи, миллеттиң сөзи. Ўатан раўажланыўы ушын исленип атырған ҳәр бир ҳәрекет мендей дөретиўшилерге күш, илҳам береди. Елимиздеги тынышлық-татыўлық орталығы - биз ушын ең уллы қосық, ең гөззал дәстан.
Усы күнге шекем 27 қосықлар топламым басып шығарылды. "Қырық өримим", "Азап көйлеги", "Түнлер көтерилиси", "Көзим мениң...", "Өзимнен өзиме дейин", "Ушшоқ", "Тасбеҳ", "Сол күнлер бүгин", "Гүзге өкпеледим", "Жақсы...", "Өзимдики", "Шуур", "Мен, сен, ол..." ҳәм 4 томлық сайланды шығармалар топламы усылар қатарына киреди.
Буннан тысқары "Қырық қосық", "Ҳаял қәлби", "Кел, бүгинди байрам етейик" аудиокитапларым диск формасында шықты.
Қосықларым 16 шет тилине яғный рус, инглис, немис, француз, италян, корейс, түрк, парсы, қытай, уйғыр, әзербайжан, қазақ, қырғыз, қарақалпақ, тәжик тиллерине аўдарылды.
Өз гезегинде жәҳән әдебияты дүрданаларын өзбек тилине аўдарыўға миясар болдым.
"Әдепли қызлар", "Исбилермен ҳаял" фестиваллары, "Абатлық кеўилден басланады", "Жоқары мәнаўият - келешек тийкары" сүрени астында шөлкемлестирилетуғын илажларда, "Биз уллы журт перзентлеримиз", "Ғәрезсизлик перзентлери" дәстүрий жаслар фестиваллары шеңберинде республикамыздың барлық район-қалалары, шетки аўыллары, мәҳәллелери, билимлендириў орынларында ушырасыўларда қатнасып, елимизде алып барылып атырған реформаларды жаслардың санасына терең сиңдириўге ҳәрекет еттим. Орынларда адамлардың дүньяға көзқарасы, турмыс тәризи өзгерип атырғанын көрип кеўлиме қәтержамлық енеди. Себеби, разылық бар жерде раўажланыў да бар.
Кишигирим хызметиме қаратылған итибар ушын рахмет. Мен ушын бул атақ қолыма берилген алтын қәлем. Бул қәлем менен елимизге садықлық, халқымызға меҳир ҳәм келешегимизге исеним, тыныш-татыў күнлер миннетдаршылығын жазаман.
Ҳәр қандай сыйлық, ҳәр қандай атақ инсан ушын үлкен мақтаныш. Мен бул атақты тек өзимдики деп билмеймен. Себеби, бул тән алыўдың тийкарында тек ғана бир шахстың емес, ал пүткил дөретиўши ҳаял-қызлардың мийнети, сабыр-тақаты, ўатанға садықлығының нурлы көлеңкеси бар.
Бир қолында қәлем, бир қолында үй жумыслары менен бәнт болып та дөретиўшиликтен, сөзден, илҳамнан үзилмеген қаншадан-қанша шайыр апа-қарындасларымыз бар!
Олар таң атыўдан үй жумысларын орынлап, балаларына меҳир берип, кеш киргенде қәлемин қолына алады. Қатарлар арасына өмириниң аўырын да, шийринлигин де қосады. Олардың ҳәр бир қатары - жүректиң қанынан, арзыўынан, ўатанға меҳиринен дөретилген.
Мен алған атақ - мине усы нурлы кеўиллердиң де тән алыныўы. Ол - сөзге исенген, қосыққа сүйенген, қәлеми менен жүреклерди титиреткен барлық шайырлардың мүнәсип мийнети.
Бул сыйлықты қабыл етип атырып, кеўлимде мынадай сезим жаңлады: мен жалғыз емеспен. Арқамда мыңлаған дөретиўши ҳаял-қызларымыздың илҳамы, мийнети, жүрек қуўаты тур. Соның ушын да бул атақ - ҳәммеге тийисли.
Фарида БОТАЕВА,
"Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен
мәденият хызметкери" ҳүрметли атағының ийеси,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, шайыр