Ҳақыйқатында да, адамзат тарийхында жоқары билимлендириўдиң ҳәр қыйлы формалары ойлап табылған. Буның тийкарғы мақсети - ҳәр ким шараятынан келип шығып жоқары мағлыўмат алыўы керек. Күндизги билимлендириў, сыртқы билимлендириў, кешки билимлендириў, аралықтан билимлендириў ... есапласак, олардың қатары бираз кең.

Тарийхый мағлыўматларға қарағанда сыртқы билимлендириўдиң дәслепки формасы 1830-жыллары Лондон университетинде енгизилген. Бул билим алыў ҳуқықын кеңирек қатламлар ушын ашық етиўге қаратылған дәслепки қәдемлерден бири еди. Кешки билимлендириў формасы болса санаат революциясы дәўиринде, яғный XIX әсирде Европада пайда болған. Бул дәўирде өндиристеги жумысшылардың маманлығын арттырыў зәрүрлиги жүзеге келген. Яғный, күндизги билимлендириў формасынан басқа барлық билимлендириў формалары талап нәтийжесинде пайда болған.

Мәмлекетимизде де белгили ўақытта билимлендириўдиң күндизги билимлендириўден басқа формалары сапластырылды. Нәтийжеде жоқары билим алыў процеси қыйынласып барды.

Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 21-ноябрьдеги "Жоқары билимлендириў мәкемесинде сыртқы (арнаўлы сыртқы) ҳәм кешки (сменалы) билимлендириўди шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары менен жоқары билимлендириў системасында бул билимлендириў формалары қайта тикленди. Бул мыңлаған ўатанласларымыз ушын ҳәм тараўлық мийнет, ҳәм жоқары билимлендириў менен шуғылланыў имканиятын жаратты. Бирақ сондай тараўлар бар, оларда жумыс ислеў ушын тек ғана теориялық билимлерге ийе болыўдың өзи жеткиликли емес. Бул тийкарынан санааттағы кәсип-өнерлер менен байланыслы тараўлар болып есапланады. Тап усындай бағдарлар ушын жәҳән билимлендириў системасында дуал билимлендириў түсиниги бар.

Дуал билимлендириў системасы дәслеп Германияда пайда болған ҳәм индустриал раўажланыў процесинде бирқанша қәлиплескен. Бул билимлендириў моделинде оқыўшылар билимлендириў мәкемесинде теориялық билимлерди алады, соның менен бирге, өндирис кәрханаларында әмелий көнликпелерди ийелейди. Система, әсиресе, Германияның экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын тутты.

Өзбекстанда дуал билимлендириў системасы жақын жыллардан берли енгизиле баслады. Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 29-марттағы "Профессионал билимлендириў системасында дуал билимлендириўди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болды. Бул система тийкарынан, өндирис тараўларындағы қәнигелерди таярлаў ушын нәтийжели модель сыпатында көрилип, түрли оқыў мәкемелери ҳәм өндирис кәрханалары арасында бирге ислесиў орнатыў қуралы сыпатында үлкен әҳмийетке ийе. Дуал билимлендириўдиң мақсети жумыс бериўшилердиң талапларына сәйкес түрде қәнигелер таярлаў ҳәм оқыўшылардың жумысқа жайласыў имканиятларын арттырыўдан ибарат.

Хош, бул бағдарда мәмлекетимизде қандай жумыслар исленбекте? Нәтийжелер қанаатландырарлы ма? Жаратылған система нәтийже берип атыр ма? Усы сораўлар менен Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жуўапкерлери менен байланыстық.

- Дуал билимлендириўди раўажландырыў бойынша системада көплеген жумыслар әмелге асырылмақта, - дейди министрликтиң мәлимлеме хызмети баслығы Назокат Абдуқундузова. - 2024/2025-оқыў жылынан баслап студентлерде әмелий көнликпелер ҳәм кәсиплик компетенцияларды қәлиплестириў мақсетинде өндирис әмелиятлары жетилистирилди. Бул процессте 15 ҳәптелик маманлық әмелиятларын шөлкемлестириў белгиленген болып, бул студентлердиң теориялық билимлерин әмелий процесслер менен байланыстырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Инженерлик-техникалық тараўда кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң 45 бакалавриат билимлендириў бағдарынан бири бир-бирине жақын болған түрлес билимлендириў бағдарлары бирлестирилип, 32 бакалавриат билимлендириў бағдары, сондай-ақ, 69 магистратура қәнигелигинен бири бир-бирине жақын болған түрлес қәнигеликлер бирлестирилип, 66 магистратура қәнигелиги қалдырылды.

Ташкент мәмлекетлик техника университети тәрепинен Германияның Дрезден техника университети ҳәм Японияның Нагоя университетиниң бағдарламалары тийкарында инженерлик билимлендириў бағдарлары оқыў режеси бағдар өзгешелигине сәйкеслендирилген ҳалда ислеп шығылды.

Инженерлик тараўларында кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен оларға бириктирилген кәрхана ҳәм шөлкемлер базасында оқыў процеси дуал билимлендириў системасы тийкарында басқышпа-басқыш енгизилмекте. Бул система бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилген. Бул әмелиятты өндирис процесслери менен және де тығыз байланыстырыў ҳәм қәнигелер таярлаў сапасын арттырыўға үлкен үлес қосады.

Министрликтиң берген мағлыўматларына бола, инженер кадрларды таярлаўды буннан былай да жетилистириў мақсетинде "тармақ-кәрхана-жоқары оқыў орны" шынжыры тийкарында билимлендириў ҳәм өндирис интеграцияланбақта. Ташкент мәмлекетлик техника университети халықаралық тәжирийбелер тийкарында жаңа оқыў режелерин енгизген болса, Бухара инженерлик-технология институты "Өзбекнефтгаз" АЖ менен биргеликте "Кибернефтгаз" инженерлик мектебин ашты.

Соның ишинде, 2024-2025-оқыў жылынан баслап Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтында 3 ҳәм 4-курс студентлери ушын оқыў процеси дуал билимлендириў системасы тийкарында жолға қойылды. Бул процесс билимлендириў бағдарларының өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып, институтқа бириктирилген кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылмақта. Билимлендириўди жетилистириў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў шәртнамалары тийкарында Саўда-санаат палатасы, "Өзтоқымашылықсанаат," "Өзчармсанаат" ҳәм басқа да ассоциациялар қурамындағы 20 дан аслам кәрхана менен бирге ислесиў орнатылған.

Хош, дуал билимлендириў системасында сабақлар қандай тәртипте өткериледи? Студентлерде ўақыт бөлистирилиўи қандай формада дүзилген?

Дуал билимлендириў системасына муўапық, оқыў процеси еки бөлимге бөлинеди: студент 4 күн жоқары оқыў орнында теориялық билимлерди өзлестириў менен шуғылланса, қалған 2 күн өндиристе әмелий көнликпелерин қәлиплестиреди. Бул қатнас студентлердиң теориялық билимлерин ҳәм әмелий тәжирийбесин бирлестирип, мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаўға хызмет етеди. Дуал билимлендириўди шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары қатарында аймақлардың инвестициялық тартымлылығын арттырыў ҳәм экономиканың реал талапларын есапқа алған ҳалда орта буўын кадрларын таярлаўды жетилистириў де бар. Бул өз-өзинен системаның пүткил мәмлекет бойлап ғалаба ен жайыўын зәрүрликке айландырады. Хош, ўәлаятларда да усы система избе-из жолға қойылмақта ма?

Мәселен, Бухара мәмлекетлик университетиниң агрономия ҳәм биотехнология факультети студентлери дуал билимлендириў тийкарындағы билимлендириўдиң теориялық бөлимин университетте, әмелий бөлимин болса “Buxara Varnet” сырт ел кәрханасында өткермекте. Бул кәрхана Бухара районында жайласқан болып, кәрханаға 30 жыл даўамында пайдаланыў ушын 110 гектардан аслам жер ажыратылған.

Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен улыўма баҳасы 100 миллион долларға шамалас болған "Гидропоника усылында Түркия технологиясы тийкарында заманагөй айналы ыссыхана қурыў" жойбары әмелге асырылмақта.

Бул жерде дуал билимлендириўде оқып атырған студентлерге шөлкемниң билимлендириў бағдарламаларына муўапық әмелий көнликпелер менен маманлықларды ийелеўи ушын жумыс орны жаратылған. Онда кәрхана, университет ҳәм студент арасында дуал билимлендириўди әмелге асырыў ушын өз-ара бирге ислесиў байланыслары бойынша дүзилген шәртнама тийкар болып хызмет етеди. Билимлендириў процесиниң өндирис пенен байланыслы әмелий бөлимин шөлкемлестириў ушын университет тәрепинен студентлерге устазлар ҳәм маман қәнигелер бириктирилген.

- Университетимизде шөлкемлестирилген дуал билимлендириўдиң тийкарғы мақсети студентлердиң теориялық билимлерин беккемлеў, олар тәрепинен таңлаған билимлендириў бағдары бойынша зәрүр көнликпелерди қәлиплестириў, сондай-ақ, шөлкемлер ҳәм кәрханаларда өндирис жумысының унамлы тәжирийбесин үйрениў болып есапланады, -дейди Бухара мәмлекетлик университетиниң оқыў жумыслары бойынша проректоры Рустам Жумаев. - Бул, әлбетте, студентлердиң келешектеги қәнигелиги бойынша қызығыўшылығын раўажландырыўға, дөретиўшилик қәбилетин арттырыўға үлкен үлес қосады. Көзленген мақсетлердиң ҳәзирдиң өзинде нәтийже бере баслағаны бул басламаның нәтийжелилигин дәлиллемекте. Студентлер тек теорияны үйренбестен, ал алған билимлерин әмелде қолланады, бул болса мийнет базары талапларына тезирек бейимлесиў имканиятын береди. Студентлер оқыў даўамында болажақ жумыс бериўшилер менен ушырасады, бул болса оқыўды тамамлағаннан кейин жумыс табыў итималын арттырады. Дуал билимлендириў билимлендириў тараўындағы перспективалы бағдар болып, заманагөй мийнет базарында талапқа ийе жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў имканиятын береди. Бул тараўды буннан былай да раўажландырыў, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаўға кеңирек жол ашады.

Рузибой Ашурбаев бүгин Бухара мәмлекетлик университетиниң тоғайшылық ҳәм елатлы орынларды көклемзарластырыў бакалавриат тәлим бағдарында күндизги тәлим түринде оқып атыр. Оның айтыўынша, дуал билимлендириўдиң абзаллықлары оғада көп.

- Қәлеймиз бе, жоқ па, бүгинги дәўирде тиришилик те әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Ақыры базар экономикасы усы, - дейди Р.Ашурбоев. - Жоқары оқыў орнында оқыўды әзелден әрман еткен едим, бирақ оған шараятым жоқ еди. Маған уқсағанлар ушын дуал билимлендириў ең пайдалы болды. Бир тәрептен, оқыўыңыз даўам етеди, екинши тәрептен, қәнигелигинизди толық ийелеп барасыз.

Дуал билимлендириў түринде қәниге болып жетилисип атырғанлар бүгин көп. Қуўанышлы тәрепи, билимлендириўдиң усы түри барған сайын ғалаба ен жайып бармақта. Себеби, оның тийкарында заманның жеделлик талабы жәмленген.

Жонибек АЛИЖОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы