Сессия шеңберинде Нәсиллик кемситиўдиң барлық түрлерин сапластырыў ҳаққындағы халықаралық конвенция қағыйдаларының мәмлекетимиз тәрепинен орынланыўы бойынша Өзбекстанның XIII-XIV бирлескен дәўирлик баянатлары көрип шығылды.

Делегация ағзалары елимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, кемситиўдиң барлық түрлерине қарсы гүресиў, миллетлераралық татыўлықты беккемлеўге қаратылған избе-из реформалар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, нызамшылықты жетилистириў, институционаллық механизмлерди күшейтиў ҳәм әмелиятта әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, БМШ Бас Ассамблеясының 1965-жыл 21-декабрьдеги резолюциясы тийкарында қабыл етилген усы Конвенция шеңбериндеги миннетлемелерди орынлаў бойынша комитетке усынылған XIII-XIV бирлескен дәўирлик баянатлар тийкарында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилген.