Атап өтилиўинше, Paks Junior European Cup 2025 жарысының екинши күни беллесиўлеринде Камол Муродов ҳәм Диёрбек Ўразбоев тренерлигиндеги Өзбекстан жаслар сайланды командасы және 4 медалды қолға киргизди.
Еки күн даўам еткен абырайлы жарыс жуўмағына бола, дзюдошыларымыз 1 алтын, 5 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизди. Медаллар топлаў бойынша Өзбекстан жаслар сайланды командасы дүньяның 5 континенти 38 мәмлекети арасында күшли бесликтен орын алды.









