Соңғы ўақытлары жерлеслеримиз арасында картошка темасы "тренд"те. Мәмлекетимиздеги дийқан базарларында бул өнимниң баҳасы кескин көтерилип, күнделикли турмыста ең көп пайдаланылатуғын картошка жылдың басынан берли 37-85 процентке қымбатлағаны социаллық тармақларда да ҳәр қыйлы додалаўларға себеп болмақта.
Ишки базарда картошка баҳасының көтерилиўи усы жылдың басынан бақлана баслады. Рәсмий мағлыўматларға бола, 4-январьдан 21-январьға шекем Янги Қойлық дийқан базарында картошканың минимал көтере баҳасы 3500 сумнан 6500 сумға шекем ямаса 85 процентке, максимал баҳасы болса 6200 сумнан 8500 сумға шекем ямаса 37 процентке қымбатлаған. 18-январьдан баслап Қазақстан үшинши мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстанға картошка экспортын 6 айға шеклегенлиги мәлим етилди. Оған Қазақстанның өзинде экспортқа талап артқанынан кейин усы өнимниң баҳасы артып кеткени себеп етип көрсетилген.
Жағдай елимиз базарларындағы картошка баҳасына тәсир көрсетип, өнимниң және де қымбатласыўына алып келди. Гәп сонда, мәмлекетимизге импорт етилетуғын картошканың үлкен бөлеги Қазақстанның үлесине туўра келеди. Статистика агентлигиниң мағлыўматына бола, өткен жылы Өзбекстанға 703 мың тонна картошка импорт етилген болса, соннан 74 проценттен асламы усы мәмлекеттен кирип келген. Қоңсы мәмлекет орнатқан шеклеў болса жерлеслеримизде "Картошка баҳасы еле-бери түспеўи керек, резерв те тамам болыўы мүмкин" деген қәўетер оятпақта.
Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги алдын мәселе бойынша мүнәсибет билдирип, елимизде бул өнимниң резерви жетерли екени ҳәм ишки базарға шығарылып атырғаны, баҳа турақлылығын сақлаў ушын зәрүр илажлар көрилип атырғанын мәлим еткен еди. Оған бола, мәмлекетимизде картошкаға жыллық талап 4 миллион тоннаны қурайды. Өткен жылы болса 3,7 миллион тонна картошка жетистирилген. Соннан 600 мың тоннасы кейинги мәўсимде егиў ушын туқымлық сыпатында резервленген. Тутыныў резерви де таярланған. 2024-2025-жыл қыс ҳәм бәҳәр мәўсими ушын жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен тартылған таярлаў кәрханалары 245,5 мың тонна картошканы резервке жыйнап алған. Жыл басынан жүзеге келген жағдай себепли топланған өнимди базарға шығарыў бойынша илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен аймақлар кесиминде тастыйықланған кесте тийкарында ҳәр 10 күнде 15-25 мың тоннаға шекем өним дийқан базарларына шығарылыўы нәзерде тутылған.
Министрлик импорт мәселесинде де қәўетерге орын жоқ, базарларда өним жетиспеўшилиги бақланбайтуғынын атап өтти. Атап өтилиўинше, Өзбекстанға картошка импорты тек ғана Қазақстан менен шекленбеген. Пакистан, Қырғызстан ҳәм Аўғанстаннан картошка импорт етиў жолға қойылған. Усы жылдың январь-май айларында Иран ҳәм Пакистаннан 100 мың тоннадан жәми 200 мың тонна картошка кирип келеди. Буннан тысқары, Сурхандәрья ўәлаятындағы атызлар ҳәм басқа барлық ўәлаятларда апрельде 70 мың тонна, май айында 450 мың тонна картошка зүрәәти жетистирилип, ишки базарға бағдарланыўы есабынан халықтың талабы толық тәмийинленеди.
Баҳа көтерип атырған факторлар
Бирақ жаңа өним жетистириўге еле бир неше ай бар. Дийқан базарларындағы ҳәзирги баҳа болса артыўды даўам етпекте. Аўыл хожалығы министрлигиниң рәсмий мүнәсибетинде келтирилген илажлар баҳа турақлылығын сақлап турыўға хызмет ететуғыны айтылыўына қарамастан, соңғы ҳәптеде дийқан базарларында картошка баҳасы және көтерилди. Аймақларда бир килограмы 8-12 мың сумға шекем сатылып атырған жағдайлар да бар.
"Бир ҳәпте алдын бир килограмм картошканы 6 мың сумнан алған едик. Ҳәзир он мың сумнан асып кетти. Бул баҳа әпиўайы, жумыссыз адамларға бираз аўыр болады", дейди социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан бири. "Он күн алдын 7,5 мың сумнан алып қойған едим. Жақсы ислеген екенмен, баҳа және де көтерилип кетти", дейди басқа бир ўатанласымыз. Адамлар арасында буны унамлы тәрепке баҳалап, "Неше ай тер төгип мийнет еткен дийқан да пайда көрсин" деп түсиник қалдырып атырғанлар да бар.
Дурыс, базардағы баҳа тербелиси әдеттеги жағдай. Бирақ баҳалардың кескин көтерилиўи артында үлкен себеплер бар екенлиги де ҳақыйқат. Қалаберсе, бир өнимниң бирден бир неше есе қымбатласыўы қалтаға жақсы зыян. Адамларды болса бул жағдай қаншаға шекем даўам ететуғыны, картошка баҳасы қашан төменлейтуғыны қызықтырмақта. Бир неше күнлик тынышлықтан соң ақырында Аўыл хожалығы министрлиги буған мүнәсибет билдирди. "Жағдай бойынша алып барылған мониторинг нәтийжелерине бола, бүгинги күнде Ташкент қаласындағы "Фуд Сити" дийқан базарында 1 килограмм картошканың орташа баҳасы 8,5 мың сумды қурамақта, барлық аймақлардағы арзанластырылған саўда ярмаркаларында картошка 5-6 мың сум баҳасында сатылмақта", делинеди келтирилген мағлыўматта.
Исроил ХОЛМИРЗАЕВ,
Аўыл хожалығы министрлиги департамент баслығы:
- Январдан елимиз базарларында картошка баҳасының қымбатлаўына бир қатар факторлар себеп болмақта. Мәселен, өткен мәўсимде тәкирарий егин егилген майданнан жетерли өним алынбаған. 2024-жыл өними ушын тәкирарлаў майданында 1 миллион тонна картошка жетистирилген, бирақ ноябрь-апрель дәўириндеги талап 1,7 миллион тоннаны қурайды. Алынған өним болса талаптың тек ғана 44 процентин қаплайды. Қалаберди, тәкирарый егиў ушын туқымлық, төгин, жанылғы ҳәм басқа да ресурслардың баҳасы қымбатлағаны бақланды. Соның изинен соңғы төрт жылда картошка баҳасы 173 процентке артты. Есап-санақларға бола, 1 гектарға картошка егиўге 55-60 миллион сум жумсалмақта, бул басқа егинлерге салыстырғанда 2-2,5 есеге көп. Өткен жылдан баслап суў салығы ҳәм қосымша қун салығы да қосылғаны картошканың өзине түсер баҳасына тәсир көрсетпекте. Дийқан ҳәм фермерлердиң картошка егиў қәрежети артқан, бул болса базардағы баҳаларда сәўлеленбекте.
Екиншиден, сырт елде, атап айтқанда, биз импорт ететуғын мәмлекетлерде де картошка баҳасы қымбатлаған. Бул усы өнимди жетистириў менен байланыслы машқалалар тәсиринде жүзеге келген. Мәселен, Қазақстанда өткен жылы 2,9 миллион тонна картошка жетистирилген. Мағлыўматларға бола, бул бағдардағы көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда 80 процентке аз. Буның тәсиринде базардағы картошка баҳасы кескин көтерилди. Мәмлекет, бәринен бурын, ишки талабын қаплаў ҳәм экспортты азайтыў мақсетинде үшинши мәмлекетлерге картошка жеткерип бериўге шеклеў орнатқанының себеби сонда.
Картошканың үлкен бөлегин Қазақстаннан импорт етип келгенимизге қарамастан, тек ғана усы мәмлекетке байланысып қалмағанбыз. Әсиресе, ҳәзирги жағдайда импорт бойынша жаңа илажлар көрилмекте. Соның ишинде, Аўғанстан, Қырғызстан, Пакистан ҳәм Ираннан 94,2 мың тонна картошка импорт етилген. Процесске тосқынлық етип атырған айырым мәселелер, соның ишинде, транспорт машқаласы шешилмекте. Атап айтқанда, кәрханаларға қосымша темир жол вагонлары ажыратылды. Улыўма, картошка баҳасын түсириў ушын бир қатар әмелий жумыслар исленбекте. Ишки базардағы баҳа турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде 245,6 мың тонна картошка резервке алынып, 9,9 мың тонна өним сатыўға шығарылды. Ҳәзир арзанластырылған ярмаркаларда бир килограмм картошка 4-5 мың сумнан сатылмақта.
Жақында социаллық тармақларда Қазақстан шегарасында 10 мың тонна картошка услап турылғаны ҳаққында хабар тарқалған еди. Гәп сонда, өзбекстанлы бир неше исбилерменлерге тийисли картошка жүкленген вагонлар фитосанитариялық қадағалаў тәртибине муўапық еки мәмлекет шегарасының Қазақстан аймағында ўақтынша тоқтатылған. Тексериў процесинде жүк ҳүжжетлеринде анықланған айырым техникалық кемшиликлер себепли өнимди қысқа мүддет услап турыў зәрүрлиги жүзеге келген. Бул жерде жүклерди қастан ямаса жасалма түрде услап турыў жағдайы жоқ. Техникалық машқалалар белгиленген тәртипте толық сапластырылып, өним Ташкент қаласындағы Чуқурсой сақлаў пунктине жеткерилди. Ҳәзир исбилерменлик субъектлерине тийисли барлық картошка сатыўға шығарылмақта.
Әмелге асырылып атырған әне усындай илажлар нәтийжесинде февраль-март айларында ишки базардағы картошка баҳасының турақласыўы, апрель-майда болса төменлеўи күтилмекте. Быйылғы жылдың өними ушын 122 мың гектар майданда картошка егиў нәзерде тутылған. Апрел-май айларында жаңа өним базарға шығарылады. Нәтийжеде картошка баҳасының төменлеўине ерисиледи.
Базарда сырт ел картошкасына талап жоқарырақ (па?!)
Картошка елимизде ең көп пайдаланылатуғын өнимлерден бири. Мағлыўматларға бола, мәмлекетимизде 290 мың гектар майданда картошка жетистириледи. Соған қарамастан, талаптың бир бөлеги импорт етилген өним есабынан қапланбақта. Жергиликли өнимниң шығыўы болса көбинесе мәўсимге байланыслы. Жылына еки мәрте жергиликли картошка пайда болады. Сонда да көриниси, сапасы жағынан импорт өнимлерден төмен екенлиги бақланады.
Усындай ўақытта ойлап қаласаң: аграр тармақ раўажланған мәмлекетимизде неге картошка сортлары ҳәм өнимдарлық жақсы емес?! Ал, дүньяда азық-аўқат қәўипсизлиги айрықша түс алып атырған ҳәзирги шараятта бул әҳмийетли мәселелерден бири. Усы жылы 30-январьда мәмлекетимиз басшысының басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген мәжилисте мине усы мәселе де додаланды. Картошка жетистириўди раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленип, зәрүр қаржы, қосымша жеңилликлер берилетуғын болды.
Тармақты раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум қаратылады. Енди шеттен алып келинетуғын туқымлық картошка 3 жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. Импорт етилген ҳәм жергиликли жетистирилген туқымлық картошканы сатыўда қосымша қун салығының 50 проценти "кешбек" сыпатында қайтарып бериледи. Улыўма, Өзбекстанда 2027-жылдан картошкаға болған талапты толық ишки имканият есабынан қаплаў режелестирилген.
Бирақ бул өз-өзинен болатуғын процесс емес. Жақсы өним алыў ушын, бәринен бурын, зүрәәтли сортлар жаратыў, аймақларға бейимлестириў, картошка жетистириўде заманагөй усылларды қолланыў зәрүр. Дурыс, илимпазлар усы ўақытқа шекем турақлы излениўде болған, бир қатар сортлар жаратылған, бирақ нәтийже әмелдеги нәтийжелиликте анық көринеди. Қаржыландырылмаған жойбарлар болса нәтийже бермейтуғыны анық. Енди тармаққа ажыратылып атырған қаржы мақсетли бағдарланып, анық ўазыйпаларға хызмет етиўи керек. Сонлықтан, Овош, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының алдына ықлымға сай, өнимдарлы сортлар жаратыў, "ин витро" усылында жылына 3 миллион түйнек жетистирип, тарқатыў ўазыйпасы қойылды.
Рустам НИЗОМОВ,
Овош, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының директоры:
- Картошка дүньяда ең көп пайдаланылатуғын овошлардан бири болып, инсан организми ушын әҳмийетли белок, крахмал, ҳәр түрли витамин ҳәм минерал дузлар дереги есапланады. Сол себепли, картошка жетистириў майданы бойынша дүньяда бийдай, салы, мәккеден кейинги орынларда турады. Бул овош тийкарынан таўлы аймақ өсимлиги болыўына қарамастан, Өзбекстан шараяты картошка жетистириў ушын қолайлы орын. Бир ярым әсирден аслам ўақыттан берли картошка мәмлекетимизде тийкарынан азық-аўқат сыпатында жетистирилип келинбекте. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында картошка өними халықтың жан басына 16 килограммнан 23 килограмға көбейди. Кейинги жылларда да елимиздеги раўажланыў ҳәм халықтың санының артыўы есабынан басқа өнимлер сыяқлы картошкаға талап артып бармақта. Атап айтқанда, 2016-жылы бул талап 3,4 миллион тоннаны қураған болса, 2023-жылы 3,9 миллион тонна, 2024-жылы болса 3,99 миллион тоннаға жетти. Соған муўапық өним жетистирилетуғын майданлар да кеңейтилип барылмақта.
Усы жерде мәмлекетимиздиң топырақ-ықлым шараяты картошка жетистириўге қолайлы болса да, неге өнимниң бир бөлеги елеге шекем сырт еллерден импорт етилмекте, деген сораў туўылады. Өзимизде жетистирилип атырған картошка баҳасы да азықлық затлардың қымбатлығы есабынан импорт баҳасына қарағанда жоқары болып атыр. Булардың барлығы сорт ҳәм туқымның сапасы мәселесине барып тақалады. Илимпазларымыз алдына қойылып атырған тийкарғы талап да усы - картошка жетистириўди раўажландырыў, зүрәәтли сортлар жаратыў, заманагөй туқымгершиликти шөлкемлестириўден ибарат.
Халықтың талап дәрежесиндеги картошка жетистириў, ишки мүтәжликти толық қаплаў ушын өнимдарлықты арттырыў ҳәзирги күндеги зәрүрлик. Бул болса көплеген факторларға байланыслы. Тийкарғы факторлардан бири аймақлардың ықлым шараятына қарап сортты дурыс таңлаў ҳәм сапалы туқым егиў болып есапланады. Соның өзи өнимдарлықты 1,5-2 есеге арттырады. Бирақ сапалы туқымлық картошка жетистириў ушын, бәринен бурын, туқымгершилик системасын шөлкемлестириў зәрүр. Тараўға жеке меншик секторды тартыў, жергиликли селекцияны заманагөй изертлеўлер тийкарында раўажландырыў керек. Аймақларда биотехнология лабораторияларын көбейтиў, оларда ислейтуғын маман кадрлар таярлаў зәрүрлиги бар.
Тармақтағы тийкарғы машқалалар да усылардан ибарат болған. Елимизде картошка егилген, жетистирилген, бирақ сапасы ҳәм өнимдарлығы илимий тийкарланбаған. Нәтийжеде импортқа талап жоқары болып тур. Ҳәтте жақын жылларға шекем Өзбекстанда вируссыз басланғыш дерек тийкарында жоқары сапалы картошка туқымгершилигин системалы шөлкемлестириў ушын Биотехнология (ин витро) лабораториялары жетиспейтуғын еди. Бундай лабораториялардың дәслепкилери буннан бир неше жыл бурын Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында шөлкемлестирилип, толық заманагөй үскенеленген. Ҳәзирги ўақытта картошканың вируссыз басланғыш дәреги сыпатында ин витро өсимлиги ҳәм микротүйнеклер көбейтилмекте. Овош, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтындағы Биотехнология лабораториясында изертлеўлер алып барылмақта. Жаңа технология тийкарында жергиликли шараятта жетистирилген туқымлар аймақлардың топырақ-ықлым шараятына сәйкеслиги, өзине түсер баҳасының арзанлығы, 3-4 жыл даўамында избе-из жоқары өним бериўи, сапасының кепиллениўи, тутыныўшылардың талапларына сәйкеслиги ҳәм вируслардан жырақ екенлиги менен үстинлик етеди.
Институттың селекционер илимпазлары бул бағдарда турақлы излениўде. Кейинги жыллары картошка селекциясы ҳәм туқымгершилиги бойынша изертлеўлер жаңа басқышқа шықпақта. Ҳәзирги ўақытта елимиз аймағында егиў ушын усыныс етилген ҳәм аўыл хожалығы егинлери мәмлекетлик реестрине киргизилген картошканың 165 ге шамалас сорты болып, соннан 19 ы жергиликли илимий мәкемелер тәрепинен жаратылған. 2024-жылы картошканың "Афсона", "Жозиба", "Дослық" сортлары Интеллектуаллық мүлк агентлиги арқалы патентленди. 70 ке шамалас сорт коллекциясын үйрениў бойынша илимий изертлеўлер өткерилди.
Ҳәзир аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде халықтың қыйтақ жеринен де нәтийжели пайдаланылып атырғаны базарлардағы молшылықты тәмийинлеўге үлес қоспақта. Буннан картошка жетистириўде де нәтийжели пайдаланыў мүмкин. Өткен жылы тәжирийбе сыпатында тараў илимпазлары ҳәм жеке меншик қыйтақ жер хожалықлары арасында бирге ислесиў жолға қойылды. Алымларымыздың жетистирилген жоқары сортлы "Өзбекстан қызылы", "Ташкент эртакиси" ҳәм басқа да түрлери Янгиқорған ҳәм Ғәллеарал районларындағы шаңарақларға жеткерип берилди. Әмелде 10 шаңарақтан таңлап алынып, олардағы 3 сотихтан жер майданына туқымлық отырғызылды. Адамлар бул сортлардың бир түбинен орташа 1,645 килограмм картошка алып, жоқары өнимдарлыққа еристи. Бир шаңарақ тутыныў ушын орташа 2 тонна 200 килограмм, туқымлық ушын 180 килограмм картошка жетистирди. Усы тәризде халықтың өзи жергиликли туқымлықлардың сырт елден алып келингенлерине қарағанда ҳәр тәреплеме абзал екенин анықлады. Бундай жойбарларды басқа аймақларда да даўам еттириў режелестирилген.
***
Мәмлекетимизде ҳәр жылы, ҳәр шеректе ямаса ҳәр айда экспорт етилетуғын аўыл хожалығы өнимлери дизиминде картошканы көрмедим. Демек, елимизде жетистирилетуғын картошка тек ғана ишки пайдаланыўға шығарылады. Бул да талапты толық қапламағаны ушын бир бөлеги басқа мәмлекетлерден импорт етиледи. Ал картошка жетистириў қыйын болған, ықлымт таңлайтуғын өним де емес. Ҳеш болмаса бурын елимиздеги дерлик барлық шаңарақларда картошка жетистирилетуғын, шаңарақ талабын қаплайтуғын өним алынатуғын еди.
Демек, картошка жетистириўди раўажландырыў арқалы базардағы баҳа турақлылығын тәмийинлеў, ишки талапты толық қанаатландырыў мақсет етилген. Бул жолдағы ҳәрекетлер де басланған. Бирақ картошканы экспорт етиў ушын да имканиятымыз жетерли. Туқымгершиликти раўажландырыў, зүрәәтлиликти арттырыўға қаратылған ҳәрекетлер мине усы имканиятларға да жол ашады.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы