Усы жылдың 19-21-июнь күнлери Өзбекстан пайтахты жасыл инновациялар орайына айланады: Central Asian Expo (CAEx) көргизбелер комплексинде биринши мәрте «Eco Expo Central Asia 2025» экологиялық технологиялар халықаралық көргизбеси болып өтеди.

Бул тек ғана көргизбе емес - турақлы келешек жолында глобал экологиялық жәмийетшилик, санаат, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик структураларды бирлестиретуғын ҳәрекет болып есапланады.

«Eco Expo Central Asia 2025» көргизбеси алдынғы экологиялық технологиялар, әмелият ҳәм шешимлер алмасыў ушын региондағы биринши қәнигелестирилген платформа болып есапланады. Бул жерде ҳәмме нәрсе көрсетиледи: экологиядағы жасалма интеллекттен баслап суўды үнемлеў шешимлерине шекем, жасыл энергиядан экотуризмге шекем. Орайлық Азияда биринши мәрте Түркия, Қытай, БАӘ, Япония, Корея Республикасы, Саудия Арабстаны, Германия ҳәм басқа да 25 тен аслам мәмлекеттен экспонентлер қатнасады.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен жәрияланған "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы шеңберинде Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Бул мәмлекетимиздиң экология тараўындағы миллий ҳәм халықаралық белсендилиги артып атырғаны, экологиялық реформалар күшейтилип атырғаны ҳәм дүньяның жетекши мәмлекетлери менен бирге ислесиў беккемленип атырғанынан дәрек береди.

Көргизбе қатнасыўшылары ушын Eco Expo тек ғана өзлериниң жасыл басламаларын көрсетиў емес, ал жаңа базарларға шығыў, бирге ислесиў байланысларын орнатыў, экологиялық инновациялардан илҳам алыў ҳәм глобал экологиялық тенденцияның бир бөлегине айланыў имканияты болып есапланады. Бул жерде бизнес ушырасыўлары, презентациялар, экспертлер панеллери, сондай-ақ, стартаплар ҳәм экологиялық жойбарлардың презентациялары болып өтеди.

Көргизбеде Өзбекстанның жасыл басламалар алға қойылып атырған аймақлары, турақлы әмелиятты жедел енгизип атырған министрликлер ҳәм уйымлар, экологиялық пикирлеўди үйрететуғын санаат билимлендириў мәкемелери, экомаршрутларды усыныс ететуғын туристлик орынлар ҳәм басқалар көрсетиледи. Төмендеги бөлимлерге айрықша итибар қаратылмақта: жасыл қалалар, таза технологиялар (clean-tech), экология, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар, сондай-ақ, жасыл транспорт ҳәм абаданластырыў.

Тийкарғы көргизбеден тысқары мийманларды экспертлер ҳәм тараў жетекшилериниң презентациялары, мәмлекеттиң тәбийғый мийрасына бағышланған видео таңлаў ҳәм фотокөргизбе, Өзбекстан экологиясы ҳаққындағы ҳүжжетли фильмниң презентациясы, тәбият ҳәм инсан үнлеслигин сәўлелендиретуғын көркем өнер көргизбелери күтпекте.