Мәресимде Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, зыялылар, қала жәмийетшилиги жыйналды.
Бул ел-журтқа хызмет умытылмаслығын, бәрқулла ҳүрметлениўинен дәрек береди. Шавкат Мирзиёевтиң итибары менен Биринши Президентимиздиң естелиги мәңгилестирилди, ол туўылған 30-январь ҳәр жылы белгиленетуғын болды. Ташкентте илимий-ағартыўшылық естелик комплекси шөлкемлестирилди. Самарқандқа сапар етиўлер ўақтында Ислам Кәримовтың мақбарасын зыярат етиў жақсы дәстүрге айланды.
Бул кейинги әўладлар ушын да ибрат ҳәм үлги болып табылады. Мәресимде мине усындай ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик көрсетилди. Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди. Биринши Президентимиздиң халық мәпи жолында ислеген ислери, пазыйлетлери еске алынды.
Усындай илажлар Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында да өткерилди.