Бизге белгили, ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы биринши саммитке Өзбекстан Республикасы басшылық етеди. Әнжуманда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан жетекшилери де қатнасады.
- Бул илаж ЕА ушын регион менен бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған мәпти қорғаў имканияты болып есапланады, -делинеди мәлимлемеде. - Геосиясий жағдай тез өзгерип атырған ҳәзирги шараятта, атап айтқанда, Россия-Украина урысы, Аўғанстанда жүз берип атырған ўақыялар фонында ЕА ҳәм Орайлық Азия қатнасықлары стратегиялық жақтан барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
ЕҚ басшысы Антониу Кошта ҳәзирги ўақытта тәртипсизлик ҳәм бөлиниў күшейген дүньяда жасап атырғанымызды еслетип, ЕА ушын бирден-бир дурыс жол беккем бирге ислесиў орнатыў арқалы тынышлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў екенин атап өткен.
- Көп полюсли дүнья шараятында және де белсенди ҳәм анық мақсетке бағдарланған бирге ислесиў зәрүр, - дейди ол. - I ЕИ – ОА саммити халықаралық ҳуқық нормаларына толық әмел еткен ҳалда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы шерикликти беккемлеўге болған исенимли умтылысымызды тастыйықлайды.
Соңғы жыллары ЕА ҳәм ОА жоқары дәрежедеги қатнасықты жеделлестирди. 2022-жыл октябрьде Қазақстан, кейинги жыл июньде Қырғызстан жетекшилериниң ушырасыўын шөлкемлестирди. Министрлер дәрежесинде де бир қатар сөйлесиўлер өткерилди. 2023-жылы Люксембургда тәреплер байланысларды тереңлестириў бойынша биргеликтеги "Жол картасы"н қабыл етти. Бул ҳүжжетте регионлараралық қарым-қатнасты беккемлеўге қаратылған анық ҳәрекет бағдарлары, сондай-ақ, жоқары дәрежедеги саммитти өткериў миннетлемеси де белгиленген.
2025-жыл 4-март күни Түркменстанның Ашхабад қаласында болып өтетуғын Европа Аўқамы - Орайлық Азия 20-министрлер ушырасыўында тийкарғы саммитке таярлық жумыслары көрип шығылады.