Саммит күн тәртибинен ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де
раўажландырыў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириўге байланыслы әҳмийетли
мәселелер орын алды. Халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиў машқалалары да
көрип шығылады.
Мәжилис
жуўмағында ШБШның жигирма бес жыллығы Бишкек декларациясын ҳәм қәўипсизлик,
экономика, транспорт, экология, жасалма интеллект, мәдений-гуманитарлық алмасыў
ҳәм бирге ислесиўдиң көплеген басқа да бағдарларындағы шерикликти кеңейтиўге
байланыслы ҳүжжетлер топламын қабыл етиў режелестирилген.
Саммит шеңберинде
Президент Шавкат Мирзиёев сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар
еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
Сапар етиў
бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан жетекшиси алтыншы Пүткилжәҳән көшпелилер
ойынларының ашылыў мәресиминде де қатнасады.