Елимизде глобал ықлым өзгерислериниң кескинлесиўинен келип шыққан ҳалда қоршаған орталықты қорғаў мәселелерине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Өткен жылларда тараўдың жетик шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Ҳәр бир экологиялық илаждың финанслық дәреклери анықланды. Суў, жер, биокөптүрлилик ресурслары ҳәм атмосфера ҳаўасын қорғаўды тәмийинлеўге қаратылған концепция ҳәм стратегиялар ислеп шығылды. Оларда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў есабынан қорғалатуғын тәбийий аймақлардың майданы кейинги 5 жылда 8-14 процент, тоғай фондындағы жер 12 процент кеңейтилди. Тек ғана Арал теңизиниң қурыған 2 миллион гектарға шамалас майданында жасыл қапламалар жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм пута нәлин егиў шын мәнисинде жақсы дәстүрге айланды. Қоршаған орталыққа антропоген тәсир етиўши санаат кәрханалары ҳәм транспорт қураллары үстинен нәтийжели мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў орнатылды. Электромобиль санаатын раўажландырыўға тийкарғы ўазыйпа сыпатында итибар қаратылмақта.

"Жасыл" энергетиканы раўажландырыў бағдарындағы ири инвестициялық жойбарлар есабынан үлкен нәтийжелерге ерисилмекте. Усы жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетимиздиң жәми электр энергиясы қурамында экологиялық таза энергия салмағын 30 процентке жеткериў мөлшерленген.

Машқалалар ҳәм кемшиликлер

Қандай да бир тараўдың раўажланыўы, бәринен бурын, оның ҳуқықый тийкары қаншелли жетик екенлигине үзликсиз байланыслы. Усы мәнисте, буннан шерек әсир бурын қабыл етилген "Экологиялық экспертиза ҳаққында"ғы нызам нормалары бүгинги күн талапларына жуўап бермей қалды. Соның ишинде, ондағы бослықлар ҳәм силтемелер, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң тарқалғанлығы және экологиялық экспертиза халықаралық нормаларға сәйкес келмеўи экологиялық экспертиза өткериў процесиниң нәтийжелилигин арттырыўға тосқынлық етип киятырған еди.

Әмелдеги нызамда мәмлекетлик бағдарламалар, концепциялар жойбарлары ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткериў тәртиби белгиленбегени себепли бул стратегиялық ҳүжжетлер әмелде экологиялық экспертизадан өткерилмеген. Бул, өз гезегинде, жақын, орта ҳәм узақ мүддетли келешекке мөлшерленген стратегиялық ҳүжжетлерде көрсетилген илажларды әмелге асырыўда бир қатар социаллық-экономикалық машқалалардың келип шығыўына себеп болған.

Бул нызам менен қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў материаллары ҳәм экологиялық нормативлер жойбарларын ислеп шығыўшының жумысы тәртипке салынбағаны және жойбарлаўшының ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбегени усынылып атырған жойбарлаў ҳүжжетлериниң сапасына унамсыз тәсир етпекте.

Бүгин 100 мыңнан аслам хожалық жүргизиўши субъекттиң ҳәммеси де экологиялық экспертиза жуўмағына ийе жағдайда жумыс алып бармақта, деп айтып болмайды. Ҳәкимшилик нызамшылықта бул ҳуқықбузарлық ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген болса да, бул бағдардағы ҳуқықбузарлықлар даўам етпекте.

Сондай-ақ, әмелдеги нызам менен хожалық жүргизиўши субъектлердиң қоршаған орталыққа тәсир дәрежеси бойынша категориялардың көп екенлиги ҳәм олардың арасында ажыратыўдың анық нормаларының жоқ екенлиги норманы қолланыў процесинде исбилерменлик субъектлериниң наразылығына себеп болмақта.

Қалаберди, тараўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде экологиялық экспертиза бағдарын санластырыўдың ҳуқықый тийкарлары ҳәм жәмийетлик экологиялық экспертиза институтының жоқ екенлиги де тараўды демократиялық принциплер тийкарында алып барыў имканиятын бермей атыр. Өз гезегинде, бундай машқала ҳәм кемшиликлер атмосфера ҳаўасының патасланыўына себеп болмақта.

Жаңа ҳуқықый тийкар ҳәм алдағы әҳмийетли ўазыйпалар

Усы жыл 24-февральда қабыл етилген "Экологиялық экспертиза, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳаққында"ғы нызам бүгинги глобалласыў процесинде қоршаған орталықты қорғаў тараўында әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.

Жаңаланған нызам менен экологиялық экспертизадан өткериўдиң халықаралық скрининг ҳәм скоупинг механизмлерин енгизиў арқалы қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша объектлердиң категориялары 4 тен 3 ке түсирилмекте. Бул, өз гезегинде, хызмет көрсетиў, өнерментшилик ҳәм саўда хызметлерин көрсетиўге бағдарланған мыңлаған субъектлердиң жумысына бюрократиялық тосқынлықлар қойылыўының алдын алады. Ўақыт ҳәм қаржы қәрежетлерин қысқартыўға алып келеди.

Әмелдеги нызамда мәмлекетлик бағдарламалар, концепциялар, қала қурылысы ҳүжжетлери сыяқлы стратегиялық ҳүжжетлер экспертиза объектлери есапланса да, бундай жойбарларды экологиялық экспертизадан өткериўдиң ҳуқықый механизмлери жоқ еди. Жаңа нызамға муўапық, стратегиялық экологиялық баҳалаў системасының енгизилиўи бул ҳүжжетлерде нәзерде тутылған жумыс ақыбетлерин алдыннан анықлаў, баҳалаў ҳәм тийисли илажлар көриўге тийкар жаратады.

"Электрон ҳүкимет" принциплерине тийкарланып, қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў бойынша бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасының ҳуқықый тийкарлары белгилеп берилмекте. Бул механизм исбилерменлик субъектлери ушын мәмлекетлик экспертизаға байланыслы материалларды онлайн тәризде усыныў ҳәм усы тәртипте жуўмақ алыў имканиятын береди. Бул болса тараўда инсан факторын шеклеў арқалы исбилерменлик субъектлериниң әўерегершилигиниң алдын алыў, системаның ашық-айдынлығын тәмийинлеў, нәтийжеде коррупциялық жағдайларды сапластырыўға хызмет етеди.

Соның менен бир қатарда, экспертизаны өткериўге байланыслы машқалалы ҳәм тартыслы мәселелерди шешиў ушын турақлы жумыс алып баратуғын Экспертлер кеңесин шөлкемлестириў нормасы киргизилмекте. Бул норма коллегиал келисим тийкарында қарар қабыл етиў имканиятын жаратады. Тараўдың қалыслық ҳәм тийкарланғанлық принциплерин тәмийинлейди.

Нызамда буйыртпашы, жойбарлаўшы ҳәм эколог-эксперттиң ўәкилликлерине анықлық киргизилип, жуўапкершилиги күшейтилмекте. Жойбарлаўшыларға маманлық сертификатының енгизилиўи ҳәм шөлкемлердиң рейтинги жүргизилиўи нәтийжелиликти арттырыўға тийкар жаратады.

Мәмлекетлик экологиялық экспертиза уйымлары тәрепинен 2024-жылы дерлик 32 мың экологиялық экспертиза жуўмағы берилген болса, соннан 673 жойбар экологиялық талапларға жуўап бермегени себепли бийкар етилген. Мине, усы тәрептен келип шыққан ҳалда айтыў мүмкин, жаңа нызамда жойбарлаўшыларға маманлық сертификатын енгизиў ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң рейтингин қәлиплестириўдиң ҳуқықый тийкарлары белгиленгени, өз гезегинде, экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын жойбарлаў ҳүжжетлерин таярлаўдың алдын алады.

Нызам жаңа редакциядағы Конституциямызда белгиленген пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа ҳәм оның жағдайы ҳаққында исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықларын тәмийинлеў, қала қурылысы ҳүжжетлери жойбарларын жәмийетшиликтиң додалаўынан өткериўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратыў, бир сөз бенен айтқанда, экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Мәмлекетлик бағдарламада глобалласыў процесинде "жасыл" технологияларды енгизиў, суўды үнемлеў, жасыл аймақларды кескин көбейтиў, шығындылар машқаласын шешиў сыяқлы мәселелер экологиялық экспертиза жумысының тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп берилди. Кейинги басқышта экологиялық экспертиза жумысының нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиў ўазыйпаларының белгиленгени мәмлекетлик экспертиза уйымларына үлкен миннетлеме жүклейди. Атап айтқанда, Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайына елимизде жумыс алып барып атырған барлық санаат ҳәм өндирис кәрханаларының қамтып алыныўын толық тәмийинлеў және мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмақларының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели мониторинг алып барыў ўазыйпасы жүкленген. Бул мақсетлерге ерисиў экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, Париж келисимине тийкарланып алынған миннетлемелерди толық орынлаў, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы имиджин арттырыўға хызмет етеди.

Жаңаланған нызам улыўмаинсаныйлық экологиялық қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бир ўақытта қабыл етилди. Бул елимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға тийкар жаратады. Басқа тәрептен болса, орайымыздың ҳәр бир хызметкери мойнына үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Ғайрат МУҲАМЕДОВ,

"Мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайы"

мәмлекетлик мәкеме бас директоры