Соның ишинде, тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өним көлеми 145 миллиард долларға, сырт ел инвестицияларының баҳасы 43,1 миллиард долларға, экспорт 33,4 миллиард долларға, алтын-валюта резервлери 60 миллиард долларға жеткерилди. Жумыссызлық дәрежеси 4,9 процентке ҳәм кәмбағаллық дәрежеси 5,8 процентке түсирилди.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске ҳәм көп миллетли халқымызға жоллаған Мүрәжатында 2026-жыл мине усы реформаларды тереңлестириў, экономиканы раўажландырыўдың жаңа моделине өтиў жылы сыпатында белгилеп берилди. Бул модель тек ғана экономикалық өсиў көрсеткишлерин арттырыўды емес, ал өсиў сапасы, халықтың абаданлығы ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўди мақсет етеди.

Жаңа экономикалық моделдиң тийкарғы принципи экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў болып табылады. Президентимиздиң атап өткениндей, дүнья көлеминде бәсеки кескин күшейип баратырған бир шараятта тек ғана жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығаратуғын мәмлекетлер ғана турақлы раўажланыўға ерисе алады. Сонлықтан, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўында алдынғы технологиялар, санлы шешимлер, "Төртинши санаат революциясы орайы"н шөлкемлестириў ҳәм "Индустрия 4.0" принциплерин енгизиў 2026-жылдың тийкарғы ўазыйпасы сыпатында белгиленди.

Экономикалық моделдиң екинши тийкарғы бағдары инвестиция сиясатында сапа жағынан жаңа қатнасты енгизиў болып есапланады. Енди инвестиция көлеми емес, ал мазмуны ҳәм нәтийжелилиги шешиўши әҳмийетке ийе болады. Тартылып атырған ҳәр бир инвестиция алдыңғы технологиялар трансфери, экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын ашыўға хызмет етиўи шәрт. Усы мақсетте инвесторлар ушын жер ажыратыў, инфраструктураға жалғаныў, рухсатнама алыў процеси түп-тийкарынан әпиўайыластырылып, "бир айна" электрон системасы енгизиледи.

2026-жыл экономикалық моделиниң және бир әҳмийетли тәрепи мәҳәллени экономикалық раўажланыўдың белсенди субъектине айландырыў болып табылады. "Мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет" принципи тийкарында киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў, халықты мәҳәллениң өзинде жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылады. Бул қатнас аймақлар кесиминде экономикалық өсиўди тең салмақлы тәмийинлеў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм социаллық турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди.

Ишки базарда талапты хошаметлеў де жаңа моделдиң ажыралмас бөлеги болып табылады. Турақ жай қурылысы, ипотека ҳәм тутыныў кредитлериниң көлемин арттырыў арқалы халықтың сатып алыў қәбилети және де беккемленеди. Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў, туризм, транспорт ҳәм логистика инфраструктурасын кеңейтиў арқалы экономикада қосымша қун жарататуғын жаңа тармақлар қәлиплестириледи. Бул болса экономикалық өсиўди турақлы ҳәм узақ мүддетли етеди.

Жаңа экономикалық модель инсан капиталына таянады. Кәсиплик билимлендириўди түп-тийкарынан модернизациялаў, техникум ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин мийнет базарының талапларына бейимлестириў арқалы бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаўға тийкарғы әҳмийет берилмекте. Илим, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўына инвестиция киргизиў келеси жылларда экономиканың тийкарғы драйверине айланыўы күтилмекте.

Экология ҳәм "жасыл" экономика принциплери де 2026-жыл экономикалық моделиниң әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленди. Энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў экономикалық өсиў менен бир қатарда қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлейди.

2026-жылы Өзбекстан экономикасын раўажландырыўдың жаңа модели санларға емес, инсанға, инновацияға ҳәм турақлылыққа сүйенген ҳалда қәлиплеспекте. Бул модель мәмлекетимизди жақын келешекте орташадан жоқары дәраматлы мәмлекетлер қатарына алып шығыўға хызмет етеди ҳәм жаңа Өзбекстан раўажланыўының беккем тийкары болады.

Жамшид ШАРИПОВ,

"Раўажланыў стратегиясы" орайы бөлим баслығы