Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм суўық ҳаўа массасы кирип келеди.

8-9-декабрь күнлери Өзбекстанда айырым жерлерде жаўын жаўады. Республикамыздың таў алды ҳәм таўлы аймақларында 8-10-декабрь күнлери жаўын-шашын (жаўын, қар), ўақты-ўақты күшли болады.

9-10-декабрь күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги айырым жерлерде 15-18 м/с қа шекем, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи.

Ҳаўаның температурасы басқышпа-басқыш төменлеп, 10-декабрьге шекем орайлық районларда түнде -2-5гр суўық, күндиз -3-6гр жыллы, арқада түнде 7-10гр суўық, күндиз 0-3гр суўық болыўы күтилмекте.