Кейинги жылларда мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўы ушын бағдарланып атырған қаржы көлеми 6 есеге арттырылып, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, кадрлар потенциалы арттырылып атырғаны соннан дәрек береди. Ең әҳмийетлиси, бундай өзгерислердиң нәтийжесин ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында сезбекте. Мәселен, бурын тек ғана пайтахтта көрсетилген 400 ден аслам жоқары технологиялы медициналық хызмет ҳәзир ўәлаят ҳәм районлардың өзинде де бар.

Биринши мәрте мәмлекетлик медицина мәкемелерине робот технологиялары кирип келди. Жасалма интеллект тийкарында орынланып атырған тексериў ҳәм емлеў түрлери 50 ге шамаласты. Тез медициналық жәрдем хызметинде шақырыўларды электрон басқарыў системасының иске қосылыўы нәтийжесинде мүрәжат етиўшилердиң мәнзилине жетип барыў ўақты сезилерли дәрежеде қысқарды.

Бүгин елимизде басқышпа-басқыш енгизилип атырған мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы мыңлаған инсанларға үмит, исеним ҳәм қәтержамлық бағышламақта. Усы жылдың ақырына шекем мәмлекетимиздиң барлық аймақларында бул система жолға қойылады. Нәтийжеде халықтың барлық қатламы кепилленген медициналық жәрдем менен толық қамтып алынады.

Аналар ҳәм балалар өлиминиң кескин азайғаны да медицинадағы трансформация процеси нәтийжеси болып есапланады. Аналық ҳәм балалыққа көрсетилип атырған хызмет сапасын арттырыў, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын система жаратылыўы бунда баслы фактор.

Сондай-ақ, DMED бирден-бир электрон мәлимлеме системасы жолға қойылып, бул платформаға 36 миллионнан аслам пуқараның медициналық мағлыўматлары киргизилди. Денсаўлықты сақлаў министрлигинде Санлы денсаўлықты сақлаў орайы шөлкемлестирилди.

Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң халықаралық тәжирийбеге тийкарланған жаңа моделин енгизиўге кирисилди. Ҳәзир 15 аймақта басланған тәжирийбе-сынақ жойбары тийкарында орынланып атырған жумыслар мине усы мақсетлердиң әмелге асыўына хызмет етпекте. Келеси жылдан бул тәжирийбе Самарқанд ўәлаятының барлық район ҳәм қалаларында әмелиятқа енгизиледи.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында бул ийгиликли жумыслар жаңаша мазмун ҳәм көлемде даўам еттирилиўи нәзерде тутылған. Мақсетлер жоқары алынды. Жыллар кесиминде нәтийжелилик көрсеткишлери белгиленди.

Орташа өмир сүриў даўамлылығын 78 жасқа жеткериў, жүрек-қан тамыр кеселликлеринен ерте өлимди 27 процентке шекем, рак кеселлигинен ерте өлимди 5,2 процентке шекем азайтыў ўазыйпалары усылардың қатарына киреди. Қантлы диабетке шалынғанлардың емлениўге қамтып алыныўын толық тәмийинлеў, дем алыў жоллары кеселликлеринен ерте өлимшиликти 1,5 проценттен арттырмаў, туберкулёз кеселлиги менен кеселлениў дәрежесиниң 33 проценттен жоқары болмаўына ерисиў ўазыйпалары нәзерде тутылды.

Бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында енди шаңарақлық шыпакерлер ҳәм халық арасында дүзилген келисимниң қамтып алыўы 90 процентке жеткериледи. Халықаралық жәмийетшиликте қабыл етилген бул мәселе "Өзбекстан - 2030" стратегиясына жаңа бағдар болып кирди. Келисимге бола, халыққа саламат турмыс тәризине әмел етиў, медициналық саўатлылығын арттырыў, шыпакер көрсетпелерине әмел етиў, профилактикалық ҳәм скрининг тексериўлерден белгиленген мүддетлерде өтиў талаплары қойылады.

Шаңарақлық шыпакерге болса халықты белгиленген тәртипте қабыл етиў ҳәм мәсләҳәт (яки жоллама) бериў, медициналық хызметлерди өз ўақтында, сапалы ҳәм толық көлемде көрсетиў, дәри-дәрмақларды дурыс тайынлаў, кеселликлерди ерте анықлаў, саламатландырыў илажларын әмелге асырыў сыяқлы миннетлемелер жүкленеди. Бул, әлбетте, халықтың медициналық хызметке мүнәсибетин унамлы тәрепке өзгертеди. Медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақысының арттырылыўы болса халықтың саламатлығы ҳәм профилактикасы мәселесинде шыпакердиң жуўапкершилигин арттырады.

Стратегияда таярланған қан муғдарын 450 мың литрге жеткериў ўазыйпасы да орын алған. Себеби соңғы жылларда қан тамыр кеселликлеринде жоқары технологиялық операциялар қолланылып атырғаны, трансплантация сыяқлы қурамалы хирургиялық әмелиятлар жолға қойылғаны ҳәм қәўипли кеселликлердиң диагностикасы жақсыланғаны себепли сапалы қан компонентлерине талап және де артты. Сонлықтан, емлеў мәкемелерин керекли донорлық қан препаратлары ҳәм компонентлери менен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири етип белгиленди.

Улыўма, стратегияда белгиленип атырған ҳәр бир бағдар, атап айтқанда, даун синдромы менен туўылыўды 100 мың тири туўылғанларға салыстырғанда 32 ге шекем азайтыў, қәўипли өспелер анықланған наўқаслардың емлениўге 100 процент қамтып алыныўын тәмийинлеў, 55 жас ҳәм оннан үлкен халықтың 90 процентин ҳәр жылы профилактикалық медициналық тексериўден өткериў, саламатландырыў ҳәм басқа да мәселелердиң тийкарында "инсан қәдири ушын" бас принципи жәмленген.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы