Өзбекстан сайланды командасы ҳүжимшиси Элдор Шомуродов Рим клубында өткен айдың ең жақсы ойыншысы деп табылды.

Шомуродов сораўнамада Кристанте, Ндика, Соуле ҳәм Свиларды артта қалдырды.

Тәжирийбели ҳүжимши өткен айда 4 ойында майданға шығып, 2 гол урды ҳәм 1 голға ассистентлик етти.

Мағлыўмат ушын, 29 жаслы футболшы февраль айында да ең жақсы деп табылған еди.