Италияның "Рома" клубы футболшысы Элдор Шомуродов "Истанбул Башакшеҳир"ге 2,7 млн евроға сатып алыў ҳуқықы менен 3 млн евроға ижара тийкарында өтти.

Элдор Шомуродов "Истанбул Башакшеҳир" менен 1+1 түриндеги шәртнамаға қол қойған.

Атап өтилиўинше, ижара мүддети 2025/2026-жылғы мәўсим ақырына шекем мөлшерленген болып, онда футболшының ҳуқықларын толық сатып алыў имканияты бар.