Қарарға бола, Электротехника санаатын 2025-2027-жылларда раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.

2025-жыл 1-февральдан төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи:

бажыхана аймағында қайта ислеў режиминде таярланған өнимлерди кейинги ислеп шығарыўшылар тәрепинен санаат кооперациясы тәртибинде қайта ислеў ушын бажыхана аймағында қайта ислеў режимине жайластырыўға рухсат бериледи;

кәрханалардың раўажланыў ҳәм изертлеў орайларының жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша өз мүтәжликлери ушын алып келинетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын лаборатория әсбап-үскенелери 2028-жыл 1-февральға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи;

устав фондында мәмлекет үлеси 50 проценттен жоқары болған юридикалық шахслардың ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилик имарат-объектлерин, сондай-ақ социаллық тараў объектлерин қурыў бойынша сатып алыў ҳүжжетлерине төмендеги талаплар киргизиледи:

жумысты бөлип алып ислеўшилер зәрүр товарларды Ислеп шығарыўшылар экосистемасы ҳәм Электрон кооперация порталындағы жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алады;

зәрүр товарлар порталларда болмаса, тастыйықлаўшы мағлыўматнамалар тийкарында оларды басқа электрон порталлардан сатып алыўға рухсат етиледи;

Ислеп шығарыўшылар экосистемасында саўдалар мәмлекетлик буйыртпашылар ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында электрон дүкан тәртип-қағыйдалары тийкарында, шәртнама баҳасы менен байланыслы шеклеўлерсиз өткериледи, бунда оферталар жергиликли ислеп шығарылған товар ҳаққындағы сертификат мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи.