Қарарға бола, музыка мәденияты пәни муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик шеберлигин анықлаў бойынша миллий баҳалаў системасы жолға қойылады.

2025-жыл 1-марттан баслап музыка мәденияты пәни муғаллимлери ушын теория ҳәм әмелият үйлестирилген ҳалда маманлық арттырыў системасы жолға қойылады.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап:

  • балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң белгиленген оқыў бағдарламаларын толық жуўмақлаған, улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестацияға ийе болғанларға «Бәркамал әўлад» балалр мектеплерине дөгерек басшысы сыпатында жумыс ислеўи;
  • мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы ЖООларында психология ҳәм педагогика пәнлерин үйренген музыка бағдары питкериўшилерине мектеплерде музыка мәденияты пәнин оқытыўы мүмкин.

2025-2026-оқыў жылына шекем музыка мәденият муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм кәсиплик қәбилетин анықлаў бойынша миллий баҳалаў системасы ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа енгизиледи.

2025-2026-оқыў жылынан баслап мәденият бағдарында кадрлар таярлайтуғын ЖООларда психология ҳәм педагогика пәнлерин оқытыў амелияты жолға қойылады.

2025-жыл 1-апрельден баслап:

  • мектеплерде “Иқтидор” көркем ҳәўескерлик топарлары шөлкемлестириледи:
  • топарлар арасында “Иқтидор мактаб ансамбли” республикалық таңлаўы өткериледи.

Таңлаўдың республикалық басқышы жеңимпазлары сырт мәмлекетлерге билимлендириў саяхатына жибериледи.