Өзиниң
исбилерменлик, излениўшеңлик ҳәм басламалық пазыйлетлери менен кең тармақлы
исбилерменлик жумысын жолға қойып, көплеген әҳмийетли инвестициялық жойбарларды
табыслы әмелге асырып киятырғаны, әсиресе, заманагөй илим жетискенликлери ҳәм
инновациялық технологияларды нәтийжели қолланған ҳалда, санаат, аўыл хожалығы, энергетика
сыяқлы әҳмийетли тараўларда импорттың орнын басатуғын, жоқары сапалы өнимлер
ислеп шығарыўды шөлкемлестирип атырғаны, елимиздиң раўажланыўын арттырыў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында үлги
көрсетип, үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны және жәмийетлик турмыста
белсене қатнасып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы
"Қарақалпақ цемент" жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириўшиси
Шукуров Анвар Исматовичке "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ойлап
табыўшы ҳәм рационализатор" ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев